Усы жыл 21-22-ноябрь күнлери пайтахтымыздағы Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде «Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып спорттың дзюдо түри бойынша ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы кубоги өткерилди.
Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 100ге шамалас спортшы қатнасты.
Жарыс жуўмағында ересеклер арасында 60 кг салмақта С.Аташов, 66 кг салмақта М.Төремуратов, 73 кг салмақта Р.Оразбаев, 81 кг салмақта З.Зайтов, 90 кг салмақта Э.Айтбаев, 100 кг салмақта А.Ибрагимов, +100 кг салмақта З.Турдымуратовлар бириншиликти ийелеген болса, ал ҳаял-қызлар арасында 48 кг салмақта Ю.Мақсетбаева, 52 кг салмақта Г.Алланазарова, 57 кг салмақта Н.Оразбаева, 63 кг салмақта Р.Амангелдиева, 70 кг салмақта К.Дарменбаева, 78 кг салмақта С.Аймуратова, +78 кг салмақта Н.Жумамуратовалар биринши орын жеңимпазы болды.
Жарыстың 1-2-3-орын жеңимпазлары Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен таярланған диплом менен сыйлықланды.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы