Усы жылдың 19-23-ноябрь күнлери Россия педагогикалық мәмлекетлик университети физика, технология ҳәм информациялық системалар институтының технологиялар ҳәм кәсиплик билимлендириў кафедрасының баслығы, педагогика илимлериниң докторы М.Л.Субочева ҳәм усы кафедра профессоры, педагогика илимлериниң кандидаты М.Е.Сысоева Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында болды.

Россиялы илимпазлар дәслеп институт ректоры Б.Отемуратов қабыллаўында болды. Ушырасыўда еки жоқары оқыў орны арасындағы билимлендириў, илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў ҳәм мәдений байланыслардың раўажланып атырғаны ҳәм алдағы жобалар бойынша пикир алмасылды.

Сырт елли профессорлар 20-21-ноябрь күнлери институттың мәжилислер залында «Илим ҳәм билимлендириўде инновациялық технологиялар» атамасындағы республикалық илимий-әмелий конференциясында қатнасты.

Илим ҳәм билимлендириўде инновациялық технологияларды қоллаў, жаңа идеяларды алмасыў, илимий изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери арасындағы байланысларды беккемлеў, сондай-ақ, жаңа байланысларды пайда етиў менен бирге жасларды илимий изертлеў жумысларына тартыўды мақсет еткен конференцияда институттың физика-мийнет ҳәм математика-информатика факультетлери профессорлары менен биргеликте россиялы алымлар, сондай-ақ, Ташкент информациялық технологиялар университети, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жетекши алымлары баянатлар жасады.

Конференцияда Россия педагогикалық мәмлекетлик университети физика, технология ҳәм информациялық системалар институтының технологиялар ҳәм кәсиплик билимлендириў кафедрасының баслығы, педагогика илимлериниң докторы М.Л.Субочева билимлендириўдеги заманагөй инновациялық технологиялар секциясына басшылық еткен болса, профессор, педагогика илимлериниң кандидаты М.Е.Сысоева институт студентлерине мастер-класс өтти.

Өткерилген илимий-әмелий конференция материаллары топлам етип баспадан шығарылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.