Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың Женева қаласындағы бөлиминиң бас директоры Майкл Мёллер Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўдан соң ӨзА ның хабаршысына елимизде инсан  ҳуқықлары тараўында әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар ҳаққындағы пикирлерин билдирди.

– Инсан ҳуқықларын тәмийинлеў тараўындағы барлық илажлар әҳмийетли ҳәм бүгинги күнниң баслы темасы. Бул мәселелерди шешиў ушын халықаралық дәрежеде Турақлы раўажланыў мақсетлерин белгилеп алғанымыз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жетискенлиги болып табылады. Бул кең көлемли бағдарламаның мақсети заманымыздың әҳмийетли мәселелерин шешиўге қаратылған. Сол мәниде, биз Өзбекстанның ҳәм мәмлекет дәрежесинде, ҳәм регионаллық көзқарас шеңберинде әмелге асырып атырған  басламаларын қызғын қоллап-қуўатлаймыз. Биз Өзбекстанда Турақлы раўажланыў мақсетлерин жүзеге шығарыўда көмеклесиўге умытыламыз. Буның нәтийжеси жаңадан ислеп шығылып атырған «жол картасы»нда сәўлелениўи керек.

БМШ Өзбекстанда барлық реформалар, жаңаланыўлар менен бағдарламаларды әмелге асырыўға толық таяр екенин билдиреди. Әлбетте, елиңизде әмелге асып атырған кең көлемли өзгерислерди үйрениў, тек ғана үйрениў емес, ал Өзбекстанның унамлы тәжирийбеси сыпатында басқа еллер арасында ғалаба ен жайдырыў үлкен әҳмийетке ийе. Президент Шавкат Мирзиёев пенен, сондай-ақ,  елиңиздиң бир қатар шөлкемлеринде өткерилген сөйлесиўлер нәтийжели болғаны буны және бир мәрте тастыйықлайды.

Самарқандта биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған Азия форумы Инсан ҳуқықлары улыўма жер жүзилик декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығына бағышланғаны менен әҳмийетли. Бул форум Өзбекстанның инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, оларды зәрүр дәрежеде жүзеге шығарыў ушын шараят жаратыў қаншелли әҳмийетли екенин терең түсинетуғынын анық билдиреди. Форум тек ғана мәмлекетлик емес, ал регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе.

Бул әҳмийетли илаж Өзбекстанда өткерилип атырғанын биз қәдирлеймиз ҳәм толық қоллап-қуўатлаймыз. Мәмлекетиңиз бсшылығы ҳуқық ҳәм еркинликлерди зәрүр дәрежеде тәмийинлеў бойынша избе-из жумысларды даўам еттирип атырғаны да буннан дәрек береди.

Бул Өзбекстанда мәмлекет ҳәм жәмийетти модернизациялаў шеңберинде әмелге асырылып атырған системалы реформалардың логикалық даўамы болып табылады. Дүньяда ҳүким сүрип атырған бүгинги қәўип-қәтерли шараятта усы жоқары дәрежедеги форумның өткерилиўи тек ғана Өзбекстан ушын емес, ал халықаралық жәмийетшилик ушын да үлкен әҳмийетке ийе.

ӨзАның хабаршысы

Матназар ЭЛМУРОДОВ

жазып алды.