Миллий баспасөз орайында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы жанындағы Халықаралық шолыўшылар кеңеси тәрепинен елимиз сыртқы сиясатының ғалаба хабар қуралларында сәўлелендириў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерилди.

Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы баслығының орынбасары Холмурод Салимов, Халықаралық шолыўшылар кеңесиниң баслығы Қобилбек Каримбеков ҳәм басқалар Өзбекстанның халықаралық майданда өз орнын ийелеўде ғалаба хабар қуралларының орны ҳәм бул поцессте олардың жумысының тәртип-қағыйдаларына тоқтап өтти.

Конституциямыздың 17-статьясында Өзбекстан Республикасы халықаралық қатнасықлардың толық ҳуқықлы субъекти екени айтылған. Оның сыртқы сиясаты мәмлекетлердиң суверен теңлиги, күш жумсамаў ямаса күш пенен қорқытпаў, шегаралардың қол қатылмаслығы, келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў қағыйдаларына ҳәм халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған басқа қағыйдалары менен нормаларына тийкарланады. Сондай тәртип ҳәм принциплерден келип шығып, мәжилисте елимиз ғалаба хабар қуралларында сәўлелендирилип атырған халықаралық әҳмийетке ийе мақала, хабар ҳәм шолыўлар Өзбекстан мәпи ҳәм халықаралық қатнасықлардың даўамлылығын беккемлеўге хызмет ететуғыны үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

– Елимиз сырт еллер менен белсене дипломатиялық қатнасықларды жолға қойған,-деди «Дунё бўйлаб» телеканалының бас редакторы «Дўстлик» ордениниң ийеси Ғафур Жамолов. – Атап айтқанда, бир қатар ири мәмлекетлер менен өз-ара қатнасықларымыз стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди. Бүгин бул процесс ғалаба хабар қуралларында қалай сәўлелендирилип атыр ямаса қандай аналитикалық мақалалар жазылып атыр, деген сораў туўылады. Тилекке қарсы, бул темалар ғалаба хабар қуралларында толық сәўлеленбекте, деп айта алмаймыз. Сол себепли халықаралық әҳмийетке ийе мәселелерди сәўлелендириўде оқыўларды шөлкемлестириў, тәжирийбели қәнигелер менен ушырасыўлар өткериў жақсы нәтийже береди. Бүгинги илаж да бул бағдардағы дәслепки ҳәрекетлерден бири болып есапланады.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзА ның хабаршысы