Ташкентте 20-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ)ниң Европа регионаллық бюросы ҳәм елимиздеги ўәкилханасы менен биргеликте «Турақлы раўажланыў мақсетлери дәўиринде Өзбекстанда денсаўлықты сақлаўды реформалаў» атамасында халықаралық конференция өткерилди.

Онда тийисли министрликлер менен уйымлар, ЖДСШ, БМШ, ЮНИСЕФ сыяқлы халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.Абдуҳакимов, денсаўлықты сақлаў министри А.Шодмонов, ЖДСШның Европа регионаллық бюросының директоры Ж.Якаб шығып сөйледи.

– Өзбекстанда денсаўлықты сақлаў тараўы избе-из раўажланбақта,-деди Ж.Якаб. –Атап айтқанда, шаншыў бағдарламасы табыслы әмелге асырылмақта. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында денсаўлықты сақлаў тараўы бойынша дәўирлик реформалар ислеп шығылып атырғаны халықтың саламатлығын беккемлеў бағдарындағы жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў имканиятын бермекте. Оны елдиң келешеги жолында киргизилген ең жақсы инвестиция да деп айтыў мүмкин. Шөлкемимиз бул бағдардағы басламалар менен ҳәрекетлерди, медицинаны раўажландырыўдағы реформаларды қоллап-қуўатлаўға таяр.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 9-ноябрь күни денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў мәселелерине бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде елимизде медицина системасын реформалаўдың 2025-жылға шекем мөлшерленген концепциясының жойбарын ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берилген еди.

Соған муўапық Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте усы ҳүжжеттиң жойбарын ислеп шығыў бойынша уйымлараралық эксперт топарлары шөлкемлестирилди. ЖДСШның Европа регионаллық бюросы ҳәм елимиздеги ўәкилханасының экспертлери де концепция бойынша өз пикир-усынысларын берди.

Конференцияда усы концепция жойбарының презентациясы өткерилди.

Усы концепция жойбарында денсаўлықты сақлаў системасын беккемлеў бойынша ҳәрекетлердиң баслы бағдарлары белгилеп берилген. Онда медицина тараўында нызамшылықты жетилистириў, денсаўлықты сақлаўды шөлкемлестириў ҳәм басқарыўды жетилистириў, медициналық жәрдем сапасын арттырыў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар қамтып алынған.

Мәселен, тараўда нызамшылықты жетилистириў бағдары бойынша Өзбекстан Республикасының «Медициналық жәрдемниң кепилликли көлеми ҳаққында»ғы нызам, «Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы кодекс жойбарларын ислеп шығыў, мәжбүрий медициналық қамсызландырыў тараўына тийисли нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў нәзерде тутылған.

Әнжуманда денсаўлықты сақлаў министри А.Шодмонов тараў реформаларының топламы болған жаңа концепциядан күтилетуғын нәтийжелерге тоқтап өтти. Оның атап өтиўинше, жаңа концепцияны енгизиў арқалы системада шешимин күтип атырған мәселелер шешилип, аналар ҳәм балалар өлими дәрежесин 15 процентке, нәрестелер ҳәм 5 жасқа шекем болған балалар өлими дәрежесин болса 30 процентке азайтыўға ерисиў мүмкин. Сондай-ақ, медициналық илимий мәкемелерди базалық ҳәм бағдарламалық қаржыландырыў жолға қойылады.

Илажда дәслепки медициналық-санитариялық жәрдемди беккемлеў, денсаўлықты сақлаў системасын қаржыландырыў, тараў мәплерине тийисли стратегиялық басқарыўды турақластырыў сыяқлы мәселелер де көрип шығылды.

Конференция жумысында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдуваҳидов қатнасты.

Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзА ның хабаршысы