Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-ноябрь күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың Женева қаласындағы бөлиминиң бас директоры Майкл Мёллерди қабыллады.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, Самарқандта өткерилетуғын Инсан ҳуқықлары бойынша биринши Азия форумының илажларына  қатнасыў ушын Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң абырайлы делегациясының сапары Өзбекстан ҳәм БМШ арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң избе-из беккемленип баратырғанының және бир тастыйығы екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара байланыс ҳәм сапарлар сезилерли жеделлескени елимиздиң Шөлкем дүзилмелери ҳәм институтлары менен конструктив пикирлесиўди жолға қойыў ҳәм Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге қаратылған нәтийжели бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Бүгинги күнде елимизде Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссар басқармасы, Халықаралық мийнет шөлкеми, ЮНЕСКО, Жәҳән туризм шөлкеми ҳәм БМШтың басқа да мәкемелери менен әмелий бирге ислесиўди раўажландырыўға  байланыслы бир қатар бағдарламалық ҳүжжетлер ҳәм «жол карта»лары қабыл етилген ҳәм биргеликте әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасының басламасы менен усы жылы июнь айында биринши мәрте БМШ Бас Ассамблеясының Орайлық Азия регионында тынышлықты, турақлылық ҳәм избе-из раўажланыўды тәмийинлеў мәселелери бойынша арнаўлы резолюциясының қабыл етилгени ҳәм оның халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланғаны айрықша атап өтилди.

Сондай-ақ, елимиздиң БМШтың Жаслар ҳуқықлары ҳаққында халықаралық конвенциясы ҳәм Бас Ассамблеяның «Ағартыўшылық ҳәм диний кеңпейиллик» атлы резолюциясын қабыл етиў бойынша басламаларын алға қойыў жолында биргеликтеги жумыслар даўам еттирилмекте.

rasmiy_8771.jpg

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң еки тәреплеме бирге ислесиўин раўажландырыў перспективалары, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер додаланды.

Арал экологиялық апатшылығы ақыбетлерин, соның ишинде, Аралбойында социаллық-экономикалық, гуманитарлық бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў арқалы жумсартыўда дүнья жәмийетшилигиниң ис-ҳәрекетлерин бирлестириўге айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстанның БМШ қәўендерлигинде арнаўлы Траст қорын шөлкемлестириў бойынша басламасын жүзеге шығарыў бул бағдардағы үлкен әмелий қәдем болады. Усы жылы 27-ноябрь күни Шөлкемниң  Нью-Йорк қаласындағы бас  резиденциясында усы структураның жоқары дәрежедеги биринши илажы болып өтеди.

Тәреплер, сондай-ақ, регионымыз ҳәм оның тысқарысында тынышлықты ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторы болған Аўғанстандағы жағдайды сиясий жол менен шешиўге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў мәселелерин көрип шықты.

БМШ Бас хаткериниң орынбасары Майкл Мёллер мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын  миннетдаршылық билдирип, Шөлкем Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Өзбекстанда жаңа басқышта әмелге асырылып атырған. бәринен бурын, инсан мәплери, ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўге қаратылған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўларға жоқары баҳа берди.

2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы өз мәнисине муўапық, БМШтың 2030-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген Турақлы раўажланыў тараўындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларына үнлес екени айрықша атап өтилди.

Майкл Мёллер Шөлкем Өзбекстанның Орайлық Азияда исеним, жақсы қоңсышылық ҳәм конструктив шериклик қатнасықларын беккемлеў, сондай-ақ, регионда турақлы раўажланыўға көмеклесиў жолындағы ис-ҳәрекетлерин толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

БМШ Өзбекстан менен көп қырлы бирге ислесиўди, соның ишинде, инсан ҳуқықлары улыўма жер жүзилик декларациясының қабыл етилгенлигиниң 70 жыллығы мүнәсибети менен елимизде өткерилип атырған Инсан ҳуқықлары бойынша биринши Азия форумының нәтийжелери шеңберинде және де беккемлеўге таяр екени атап өтилди.

ӨзА