Беруний районы ҳәкимлигинде исбилерменлик субъектлериниң күнделикли жумысында ушырасып атырған машқалалар, жетистирилген өнимлерди экспорт етиў мәселелерине бағышланған мәжилис болып өтти.

 

 

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң, Мәжбүрий орынлаў бюросының Қарақалпақстан бөлимлери, Бажыхана басқармасы тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилген илажға министрликлер менен уйымлардың басшылары,  исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 17-октябрьдеги «Мийўе-овощ өнимлерин сыртқы базарларға шығарыў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси, ондағы белгиленген жеңилликлер туўралы кең түрде түсиник берилди.

Атап өтилгениндей, қарарға муўапық, юридикалық шахслардың мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилерди мийўе-овощ өнимлери экспортын дәслепки төлемсиз, аккредитив ашпай, банк кепилликлерин рәсмийлестирмей және экспорт шәртнамасын сиясий ҳәм коммерциялық қәўиплерден қамсызландырыў полисисиз әмелге асырыў ҳуқықына ийе. Сондай-ақ, юридикалық шахслар мийўе-овощ өнимлери экспортынан түсимлерди өз ўақтында тәмийинлемеген мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилери мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўде 100 процентлик алдын ала төлем алыў талаплары оларға қолланған ҳалда ҳүждансыз мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўшилер реестрине киргизилетуғынлығы айқын мысаллар менен түсиндирилди.

 

 

Қарарға муўапық, экспорт етилетуғын мийўе-овощ өнимлери бажыхана тексериўинен өткерилмейди, бажыхана нызам ҳүжжетлери бузылыўы қәўипи белгилери анықланған жағдайлар буған кирмейди. Бунда ҳүжжетлерде бар мағлыўматлардың исенимлилиги, сондай-ақ, товарларды Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасынан нызамсыз алып өтиў ушын экспорт етиўши жуўапкер екенлиги айтып өтилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.