Нөкис қаласындағы республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде баскетбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы кубогы ушын жарыс болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң басламасында Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги, Баскетбол федерациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген жарысқа мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары ҳәм мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң командалары қатнасты.

-Жарысты өткериўдеги тийкарғы мақсет, ҳәр тәреплеме жетик, физикалық жақтан саламат инсанды қәлиплестириў, халқымыз, әсиресе жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў болып табылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы Әбилқасым Өтеўлиев.

-Соның менен бирге, спорттың баскетбол түрин раўажландырыў, күшли спортшыларды анықлаў ҳәм оларды республикамыздың сайланды командасы қурамына тартыўдан ибарат.

Жарыс жуўмағында республикалық ойын түрлери ҳәм жеңил атлетика бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң командасы биринши, республикалық «Бәркамал әўлад» орайының командасы екинши, Нөкис районының командасы үшинши орынларды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.