Шемби ҳәм екшемби күнлери Өзбекстан аймағына батыс тәрептен суўық ҳаўа массасы кирип келеди. Бул ҳаққында Daryo.uz хабар бермекте.

Шемби күни айрым жерлерде суўық температура ҳәм жаўын жаўыўы күтиледи. Ҳаўаның температурасы күндизи +5…+8 градусқа төменлейди.

Екшемби күни жаўын-шашын болыўы күтилмейди, бирақ суўық ҳаўа массасының тәсири сақланып турады: температура түнде 0…-3 градус суўық болыўы күтиледи, күндиз температура +8…+10 градус әтирапында болыўы мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги