Ҳәр бир шаңарақ исбилермен болса, қәнекей. Жумыс ислесе, оған қосымша үйинде сыйыр, қой, ешки ямаса таўық сақлап қосымша дәрамат тапса.

Бул ушын соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен үлкен мүмкиншиликлер жаратылды. Тилекке қарсы бул бағдарда айырым тосықлар, кемшиликлер болып атырғанлығы сыр емес.

Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның бөлимлери тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарындағы илажлар даўамында усындай айырым кемшиликлер анықланды.

Атап айтқанда, Шымбай районындағы «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғын М.Тохымбетова, «Қызыл өзек» АПЖ турғынлары  Б.Ильясов, А.Балтабаева,  Б.Оразбаев,  Қ.Рысназаров, С.Мырзамбетов,   Ҳ.Абетекова, «Бахытлы» АПЖ да жасайтуғын Г.Атамуратова, «Қара көл»  МПЖ пуқаралары   Р.Серимбетов, Т.Исабаев, И.Қалбаевалар қара малларды ҳәм нәсилли қойларды алып бағыў ушын банктен кредит алыў мақсетинде Агробанк АКБ Шымбай филиалына ҳәм «Қишлоқ қурилиш банк» филиалларына ҳүжжетлер тапсырған.

Бирақ усы күнге шекем кредит ала алмаған. Олардың усы мәселелер бойынша жазған мүрәжаты Шымбай районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети қәнигелери тәрепинен үйренилгенинде, ҳақыйқатында да, олардың мүрәжатларында көрсетилген ўәжлер дурыс екенлиги белгили болды.

Үйрениў нәтийжесинде олардың ҳәр бирине 25 миллион сум муғдарындағы кредитлер алып берилди.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.