Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабанда ҳәм бажыхана нызамшылығының бузылыўына қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери тәрепинен «Даўыт ата» шегара бажыхана постында оператив илаж өткерилди, деп хабар бермекте Daryo.uz басқарма баспасөз хызмети хабарына тийкарланып.

Пуқара Б.Ф. басқарыўындағы Нексия маркалы автотранспорт қуралы бажыхана тексериўинен өткерилгенде, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, дәслепки есаплаўларға бола баҳасы 71 миллион сумға шамалас ҳаял-қызлар гигиеналық қураллары ҳәм ҳәр қыйлы хожалық товарлары бар екенлиги анықланды.

Сондай-ақ, «Қарақалпақстан» темир жол станциясында 324-санлы «Волгоград-Ташкент» жолаўшы поездинде пуқара Р.Д.ға тийисли болған, вагонның көмир сақлаў ушын арналған жеринде көмир астына бажыхана тексериўинен жасырылған полиэтилен қалтада баҳасы 23 миллион сумлық стоматологиялық үскенелери бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта бажыхана тексериўлери даўам еттирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги