Өрт қәўипсизлиги хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласы Ашхабад көшесинде өрт қәўипсизлигиниң ҳәм ийис газинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў мақсетинде профилактикалық илажлар өткериў даўамында 4-үйдиң 3-ханасы көзден өткерилгенде, үйде газдиң ийиси шығып тулғанлығын сезип дәрҳал өрт қәўипсизлиги хызметкерлери үй ийесинен газ плитасы ҳәм ысытыў печин тексерип көриўге рухсат сорайды.

Үй ийелери қатнасыўында газ тармақлары көзден өткерилип, нәтийжеде газ плитасына жалғанған резина шлангадан газ сызып турғанлығы анықланған. Үй ийеси грипп болғанлығы себепли газ ийисин сезбегенлигин айтқан, сол ўақыттың өзинде есик-терезелерди ашып бөлмелерге таза ҳаўа киргизилген ҳәм тийисли тәртипте газ тармағына жалғанған резина шланга орнына газ кәрханасы хызметкерлери менен биргеликте әмелий жәрдем көрсетилген. Нәтийжеде сол үйде жасаўшы 4 инсанның ийис газинен зәҳәрлениўи ҳәм от шақнаўының ақыбетинде келип шығатуғын қәўиптиң алды алынды.

 

Нурлыбек Жамалов,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.