Қарақалпақстанлы жас спортшылар еркин гүрес түри  бойынша жәҳән спорт майданында  өзиниң ылайықлы орнына ийе болмақта.

19-ноябрь күни Нөкис темир жол вокзалында усы жылдың 15-17-ноябрь күнлери аралығында Японияда  15 жасқа шекемги қызлар арасында спорттың еркин гүрес түринен өткерилген Азия чемпионатының 3-орын жеңимпазы қарақалпақстанлы палўан қыз Улмекен Есенбаеваны салтанатлы түрде күтип алыў мәресими өткерилди.

Азия чемпионатына дүньяның 10 нан аслам мәмлекетлеринен ең күшли палўанлар гилемге түсип, өз-ара күш сынасты.

Онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында 2 спортшы қатнасқан болса, соннан Улмекен Есенбаева 50 кг салмақ категориясында қатнасып, қола медаль ийесине айланды. Ал Феруза Есенбаева 58 кг салмақта қатнасып, чемпионаттың сертификаты менен сыйлықланды.

У.Есенбаева 2005-жылы Нөкис қаласында туўылған. Бүгинги күнде пайтахтымыздағы 24-санлы улыўма орта билим мектебинде тәлим-тәрбия алмақта.

Жас спортшыны жарысқа Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен тренер Баҳадыр Қәлимбетов таярлады.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы