Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-майдағы «Уллы илимпазлардың, жазыўшы ҳәм ойшылларымыздың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў мақсетинде жаслар арасында китапқумарлық таңлаўларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарарда көрсетилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Жаслар аўқамы ҳәм басқа да тийисли министрликлер менен мәкемелердиң бирликтеги «Жас китапқумар» таңлаўын өткериў бойынша режеси тастыйықланып, республикамыздың қала ҳәм районларында, оқыў орынларында таңлаў бойынша жумыслар әмелге асырылды.

Бүгин Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының тийкарғы студияларының биринде усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышы басланды. Таңлаў үш күн даўам етеди.

Таңлаўда 10 жастан 14 жасқа шекемги 13, 15 жастан 19 жасқа шекемги 12, 20 жастан 30 жасқа шекемги 8 китапқумар жас қатнаспақта.

«Жас китапқумар» таңлаўында «Уллы ойшыл ҳәм әдебиятшы» ҳәм «Көркем шығармалар билимданы» шәртлери бойынша жаслардың билимлери сынақтан өтпекте.

Жеңимпазлар ноутбук, планшет, өзбек ҳәм дүнья әдебиятының ең жақсы шығармалары жәмленген 50 дана китаплар топламы менен сыйлықланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.