Глобал суў бирге ислесиўи шөлкеми ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажландырыў Бағдарламасының «Жүз марафон. Жүз күн. Бир себеп: Суў» атамасындағы спорт-үгит-нәсият акциясының қатнасыўшылары 18-ноябрь күни республикамыз пайтахты Нөкис қаласына жетип келди.

Марафоншы Гули Эмма Серафина Линдсей (Гули Мина) ханым ҳәм оны бақлап барыўшы Австралия ҳәм Қубла Африка Республикасы мәмлекетлери пуқараларынан ибарат илаж қатнасыўшылары министрликлер менен ведомстволардың басшылары, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тәрепинен күтип алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев мийманларды республикамызға келиўи менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында ҳәм тиккелей ғамқорлығында Аралбойы аймағын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, жүзеге келген экологиялық жағдайды турақластырыў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан таныстырды.

Өз гезегинде акция қатнасыўшылары жыллы-жүзлилик пенен күтип алғанлығы ушын республикамыз басшыларына миннетдаршылық билдирди.

Усы жылдың 4-ноябрь күни АҚШ тың Нью-Йорк қаласынан старт алған акция қатнасыўшылары Англия, Франция, Италия мәмлекетлери аймақларын басып өтти. Ҳәр күни 42,2 километр аралық жуўырып өтиледи. Дерлик бир ҳәпте даўамында Мойнақ районындағы «Кемелер қойымшылығында», Үшсай посёлкасында, Арал теңизиниң қурыған ултанында болып, кейин Ҳиндстан ҳәм Қытай мәмлекетлерине жөнеп кетеди. Акция келеси жылдың 11-февраль күни Нью-Йорк қаласында жуўмақланады.

-Илажды өткериўдеги мақсет, дүнья жүзинде жүзеге келген суў тамтарыслығы машқаласын жәҳән жәмийетшилигине жеткериў, оның алдын алыў ҳәм шешиў бойынша мақсетлерди бирлестириўден ибарат,-дейди австралиялы марафоншы Гули Мина.-Соның ишинде, Арал машқаласын өз көзимиз менен көриў, бул аймақтағы халықтың жасаў шараятлары ҳәм машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар менен жақыннан танысыў болып табылады. Бул жерде ҳаўа райы бираз суўық болыўына қарамастан, халықтың миймандослығы, адамлардың абадан  турмысы ҳәм жүз берип атырған кең көлемдеги өзгерислер мен де айрықша тәсир қалдырды. Қарақалпақстанға және бир мәрте келиўди өз алдыма мақсет етип қойдым.

Усы күнниң өзинде акция қатнасыўшылары Нөкис қаласынан Мойнақ районына жөнеп кетти.

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.