«Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйынындағы 23-санлы аўыллық шаңарақлық поликлиникасы да быйылғы жылы реконструкцияланды. УТТ, ЭКГ, биохимиялық анализатор сыяқлы заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленди.
«Қоңырат», «Шоманай», «Қаңлы» аўыл пуқаралар жыйынлары халқына хызмет көрсететуғын поликлиникада 6 жоқары мағлыўматлы, 5 тар шеңбердеги хирург, стоматолог, терапевт, педиатр, акушер-гинеколог сыяқлы 48 қәниге жумыс ислемекте. Бир күнде 100 адамға хызмет көрсетип атырған медициналық мәкемеде халық ушын барлық шараятлар жаратылған.
Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги – ӨзА Президент барып көрген усы поликлиникадан фоторепортаж таярлады.