Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы жумысында қәлиплескен жаңа дәстүрге бола, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Регламенти ҳаққында»ғы ҳәм «Парламентлик қадағалаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына тийкарланып 2018-жыл 7-ноябрь күни гезектеги «Ҳүкимет сааты» өткерилди.

Депутатлардың аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўдың жағдайын үйрениў бойынша алып барған жумыслары ҳәм орынларда халық тәрепинен көтерилген мәселелерден келип шығып, төменги палатадағы депутатлар бирлеспелериниң усынысларына бола, «Ҳүкимет сааты»нда көрип шығыў ушын еки мәселе – «2018/2019 жыллардың гүзги-қысқы дәўиринде коммуналлық тараў шөлкемлерин, қазанханаларды, көп квартиралы турақ жай имаратларын ҳәм социаллық объектлерди турақлы ислеўге таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайы ҳаққында»ғы және «2018/2019жыллардың гүзги-қысқы дәўиринде халықты турақлы баҳаларда ҳәм үзликсиз түрде тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм бул бағдардағы резервти қәлиплестириў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы ҳаққында»ғы мәселелер киргизилди.

Бул мәселелер бойынша депутатлардың сораўларына ҳәр тәреплеме жуўап бериў ушын Өзбекстан Республикасы Турақ жай комуналлық хызмет көрсетиў министрлиги және Аўыл хожалығы министрлигиниң жуўапкер басшылары Нызамшылық палатасына мирәт етилди.

Илажда ҳүкимет ўәкиллери депутатлар тәрепинен қойылған мәселелер  бойынша қысқаша мағлыўмат берип, соң олардың сораўларына толық жуўап берди.

Ҳәммемизге белгили, усы жылдың 26-октябрь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев орынларда әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде пайтахтымыздың Юнусабад районына сапары даўамында әҳмийетли мәселелерге тоқтап, турақ жай қорын раўажландырыў, коммуналлық хызметлерди жақсылаў, объектлерди гүзги-қысқы мәўсимге таярлаў бағдарында әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Атап айтқанда, аймақларда гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларын, әсиресе, көп қабатлы турақ жайларға коммуналлық хызмет көрсететуғын шөлкемлердиң жумысын кескин сынға алған еди.

Хабарыңыз бар, елимизде бул бағдардағы мәселелерди комплексли түрде шешиў мақсетинде өткен жылы Өзбекстан Республикасы Турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министрлиги шөлкемлестирилген еди.

«Ҳүкимет сааты» бәринен бурын Өзбекстан Республикасы турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри Музаффар Салиевке усы министрликтиң өткен дәўир даўамында тараўды түп-тийкарынан жақсылаў, машқалаларды сапластырыўға байланыслы илажлар шеңберинде тараўдың нызамшылық тийкарын заман талапларына бола жетилистириў бағдарында жетерли дәрежеде баслама көрсетпей атырғаны ҳаққында сораўлар менен мүрәжат етти.

Өз гезегинде, министр депутатлардың сын көзқарастағы сораўларына жуўап берип, бул бағдардағы машқала менен кемшиликлерди қайта көрип шығыў, бәринен бурын, тараўдың ҳуқықый тәреплерин жетилистириў мақсетке муўапық екенлигин атап өтти.

Соның менен бирге, министрдиң мәлимлемесинде атап өтилиўинше,  2018-2019-жыллары гүзги-қысқы дәўирде коммуналлық тараў шөлкемлерин, қазанханаларды, көп квартиралы турақ жай имаратларын ҳәм социаллық тараў объектлерин турақлы ислеўге таярлаў бойынша белгили бир жумыслар әмелге асырылған. Усы жылдың 29-октябрь ҳалатына республика бойынша көп квартиралы турақ жайларды гүзги-қысқы мәўсимге турақлы таярлаў бойынша Бағдарлама менен белгиленген  7 657 турақ жайдың  7 621 и жеңил ҳәм толық оңланып, гүзги-қысқы мәўсимге таярланған. Бул илажларды әмелге асырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 546,5 миллиард сум қаржы ажыратылған. Тийисли бағдарлама тийкарында 181,3 километр ишимлик суўы тармақлары толық ҳәм 610,9 километр ишимлик суўы тармақлары жеңил оңланған.

2018-жыл январь-октябрь айлары даўамында электр энергиясының тәмийнаты бойынша 2 014 трансформатор пунктинде, 5 834,2 километр электр узатыў тармағында қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылған. Халыққа ҳәм социаллық тараў мәкемелерине тәбийғый газ тәмийнатын жақсылаў ушын 41,7 километр қубыр капитал оңланған ҳәм 95,9 километр қубыр реконструкцияланған.

2018-жылдың басынан берли орынларға 632,7 мың дана турмыслық газ баллонлары, халық хожалықлары ушын 321 569,2 тонна суйылтырылған газ, социаллық тараў мәкемелерине 284,9 мың тонна, халыққа болса 433,2 мың тонна көмир жеткерип берилген. Аймақларда 51,7 мың тонна көмир резерви қәлиплестирилген.

Соның менен бирге, депутатлар министрдиң итибарын бул тараўдағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлигине қаратты.

«Ҳүкимет сааты»нда гезектеги мәселе бойынша сөзге шыққан Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри Баҳодир Юсупов быйылғы жылдың гүзги-қысқы дәўиринде халықты турақлы баҳаларда, тийкарғы түрдеги аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў, бул бағдардағы резервти қәлиплестириў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳаққында мәлимлеме берди.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде елимизде азық-аўқат өнимлери көлеминиң көбейиўине ерисилмекте. Атап айтқанда, 2018-жылдың ақырына шекем 11,2 миллион тонна овощ, 2,9 миллион тонна картошка, 2,7 миллион тонна мийўе, 2,1 миллион тонна палыз ҳәм 1,7 миллион тонна жүзим жыйнап-терип алыныўы нәзерде тутылған. Улыўма, өткен жылға салыстырғанда 1,4 миллион тонна көбирек жалпы өним алыў режелестирилген.

Мийўе-овощ, палыз, жүзим ҳәм басқа да аўыл хожалық өнимлерин экспорт етиў көлеми де артпақта. 2018-жылдың 9 айында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 190 миллион доллар көбирек, яғный 587 миллион АҚШ доллары қунындағы 972 мың тонна (өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 351 мың тоннадан аслам) жаңа ҳәм кептирилген мийўе-овощ, палыз ҳәм жүзим өнимлериниң экспорт етилиўине ерисилди.

Соның менен бирге, депутатлар Президентимиздиң тийисли қарарлары тийкарында республикамызда қусшылықты, балықшылықты, пал ҳәррешиликти, картошка жетистириўди, лимон жетистириўди раўажландырыў бағдарында да системалы жумыслардың алып барылып атырғанын атап өтти. 2017-жылға салыстырғанда таўық гөши (179 мың тонна) ҳәм мәйек жетистириў (7,1 миллиард дана) 6 процентке, балық жетистириў (150 мың тонна) 30 процентке, картошка жетистириў (3 миллион тонна) 7 процентке, лимон жетистириў  (30 мың тонна) 43 процентке, пал жетистириў (17 мың тонна)  38 процентке артыўының күтилип атырғаны халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў дәрежесин жақсылаў имканиятын береди.

Хожалықлар тәрепинен буйыртпалар бойынша жеткерип берилген, сырт елге экспорт етилген аўыл хожалығы өнимлеринен тысқары ҳәзирге шекем 25 мың тоннаға шамалас картошка, 30 мың тоннадан аслам пияз, 15 мың тоннадан артық гешир ҳәм 6 мың тоннадан зыят гүриш резерви жаратылған.

«Ҳүкимет сааты» жуўмағында Аўыл хожалығы министрлиги тәрепинен бул тараўдағы жумыслар және де нәтийжели шөлкемлестирилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша нәтийжели парламентлик қадағалаўды тәмийинлеўге келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети