28-31-октябрь күнлери елимизде Россия жаслар аўқамы, исбилермен топарлары, жоқары билимлендириў мәкемелери, ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында Өзбекстан-Россия жаслар фестивалы болып өтти.

Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм Россия жаслар аўқамы тәрепинен «Бирге ислесиў, басламалар ҳәм инновациялар» сүрени астында шөлкемлестирилген фестиваль шеңберинде Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында қызықлы ушырасыўлар, тарийхый орынларға саяхатлар, Өзбекстан – Россия жаслар бизнес-форумы, туризм бойынша әмелий конференция, жас журналистлер ҳәм блогерлер конгресси сыяқлы бир қатар илажлар өткерилди.

Фестивальдың соңғы күнинде Өзбекстан жаслар аўқамы орайлық кеңеси жанындағы Жаслар пресс-клубында шөлкемлестирилген сессияда усы илажлардың нәтийжелери додаланды.

Россия жаслар аўқамы Халықаралық бизнес жойбарлар орайының директоры Алексей Ежов, Волгоград мәмлекетлик университетиниң проректоры Геннадий Иванченко ҳәм басқалар фестиваль себепли еки ел жасларының дослық байланыслары күшейгенин, исбилерменлик, туризм сыяқлы тараўлар бойынша кең тәжирийбе алмасылғанын, жас исбилерменлер арасында  ерисилген жаңа келисимлер ҳәм қол қойылған шәртнамалар экономикалық бирге ислесиўге беккем тийкар болатуғынын айрықша атап өтти.

– Еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында биринши мәрте шөлкемлестирилген Өзбекстан – Россия жаслар бизнес форумының нәтийжелерине тоқталатуғын болсақ, бул илажда еки елдиң жас исбилерменлери туризм, билимлендириў, фармацевтика, медицина сыяқлы тараўларға байланыслы 100 ден аслам шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойды,-деди Россияның «Инвест Консалтинг Реалити» компаниясының басшысы Иван Кульшицкий. – Атап айтқанда, бизиң компания «Жаслар-келешегимиз» қоры менен «Россия ҳәм Өзбекстанда киши ҳәм орта бизнес» бағдарламасы шеңберинде бирге ислесиў меморандумына қол қойды.

Фестиваль шеңберинде Самарқанд қаласында «Россия Федерациясы ҳәм Өзбекстан Республикасы арасында туристлер ағымын кеңейтиўде жаслардың орны» атамасында әмелий конференция шөлкемлестирилди.

Сессия жумысында усы әнжуманның жоқары дәрежеде ҳәм нәтийжели өткенин  атап өткен россиялы қатнасыўшылар елимизде туризм тараўында алып барылып атырған реформалар, соның ишинде, виза тәртибиниң әпиўайыластырылғаны, мийманхана бизнеси, зыярат ҳәм гастрономиялық туризм буннан былай да раўажланып атырғанын тән алды.

Сессияда «Өзбекстан-Россия жаслар фестивалы. Бирге ислесиў, баслама ҳәм инновация» деп аталған есабат фильмин таныстырыў да өткерилди. Фестиваль процесинен таярланған бул фильмде қатнасыўшылардың шын жүректен ҳәм көтериңки руўхтағы шақырықлары жаңлады:

«Усындай шын жүректен миймандослық ушын Өзбекстанға үлкен рахмет!», «Фестивальда биз Өзбекстан-Россия жаслары жақын досқа айландық», «Ўатанымызға қайтқанымызда жақынларымызға гөззал Ташкент, ертектегидей Самарқанд ҳәм Бухара ҳаққында әлбетте айтып беремиз»…

Таныстырыўдан соң фестиваль қатнасыўшылары Өзбекстан жаслар аўқамы музейиниң экспонатлары менен танысты.

Фестиваль Жаслар дөретиўшилик сарайында өткерилген еки елдиң жас көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы мәдений бағдарлама менен жуўмақланды.

Малоҳат ХУСАНОВА,

ӨзАның хабаршысы