Гринвичтеги Британия корольлиги обсерваториясы ҳәр жылы өткерилетуғын «Insight Astronomy Photographer of the Year» таңлаўының быйылғы жылғы жеңимпазларын анықлады.

Таңлаўда фотограф Брэд Голдпейн жеңимпазлықты қолға киргизди. Оның сүўретинде Юта штатындағы шөлистанлықта «Қус жолы», «Андромеда галактикасы» ҳәм жартас шетинде оларды телескоп жәрдеминде бақлап турған адам сүўретленген. Жеңимпазға 10 мың долларлық ақшалай сыйлық берилди. Соның менен бирге, Брэдтиң бул жумысы «Адам ҳәм космос» номинациясында ең жақсы сүўрет деп табылды.

Бас сыйлық ҳәм «Адам ҳәм космос» номинациясы жеңимпазы болған ең жақсы сүўрет

Авторы Брэд Голдпейн

«Галактикалар» номинациясы

Авторы: Стивен Мойр

Таңлаўға 15 мыңға шамалас сүўрет келип түскен. Төмендеги сүўрет 15 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында өткерилген «Жас фотограф» номинациясы жеңимпазы болды.

Авторы: Фабиан Далпиац

«Арқа шуғласы» номинациясы

Авторы: Николас Лефядю

«Ең жақсы фотографлық дебют» номинациясы

Авторы: Цианхонг Ли

«Планеталар, кометалар ҳәм астероидлар» номинациясы

Авторы: Мартин Люис

«Бизиң Ай» номинациясы

Авторы: Хорди Делпию Боррелл

«Бизиң Қуяш» номинациясы

Авторы: Николас Лефядю

Шорт-листке 25 сүўрет сайлап алынды. Төмендеги фото «Жулдызлар ҳәм сағымлар» номинациясы жеңимпазы болды.

Авторы: Марио Кого

«Аспан пейзажы» номинациясы

Авторы: Ференц Цземар

«Жасалма санаға ийе телескоп» номинациясы

Авторы: Дамиан Пич

 

Төрешилер қурамы жәми 12 номинация бойынша жеңимпазларды анықлаған. 24-октябрь күни Гринвичтеги Миллий музейде таңлаўдың ең жақсы сүўретлердиң көргизбеси ашылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.