Усы жылдың 14-21-сентябрь күнлери аралығында Москва қаласында «ЭТНО АРТ ФЕСТ 2017» Москва-Лондон Дүнья жүзлик этно-мәдений фестивалы ҳәм ЮНЕСКОның конференциясы өткерилди. Оған республикамыздан өнермент Айзада Нурымбетова шәкирти Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи оқытыўшысы Наргиза Утемуратова менен қатнасып қайтты.

Фестивалға қатнасыўда А.Нурымбетова ҳәм Н.Утемуратовалар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги ҳәм Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен қоллап-қуўатланды.

Бул жойбарды өткериўден тийкарғы мақсет – халықаралық ҳәм регионлараралық мәдений бирге ислесиўди раўажландырыў, этно-мәдений дәстүрлерди, халық әмелий өнерменшиликилиги ҳәм қол өнери үлгилерин сақлаўдан ибарат. Сондай-ақ, фестиваль қатнасыўшысы болған Россия ҳәм ҒМДА еллери аймағында ЮНЕСКО қорғаўындағы объектлерди таныстырыў да нәзерде тутылған.

Фестивальға Россия ҳәм ҒМДА еллеринен халық әмелий өнерменшилиги менен шуғылланыўшы өнерментлер, мода индустриясы ўәкиллери ҳәм белгили дизайнерлер қатнасты.

Онда «Көргизбе», «SHOW – ROOM» (бирге ислесиў илажлары), «ДЕФИЛЕ»(этно-мәдений элементлер сәўлеленген заманагөй кийимлер коллекциясы) ҳәм «Таңлаўлар» сыяқлы бөлимлерден ибарат болды.

«ЭТНО АРТ ФЕСТ 2017» фестивалына жерлесимиз А.Нурымбетова ҳәм Н.Утемуратовалар халқымыздың бир неше әсирлик тарийхын өзинде сәўлелендиретуғын миллий өнерменшилик буйымлары, миллий кийимлердиң дизайнерлер тәрепинен қайта тикленген жас өзгешелигине қарай классификацияланған түрлери, миллий ҳәм миллий элементлер менен байытылған ҳаял-қызлар кийимлери, миллийликти заманагөйлик пенен уйғынластырған кийимлер коллекциясы ҳәм халқымыздың миллий қәдирият ҳәм дәстүрлерин көрсетип қайтты.

Фото: Фестивалдан көринислер

    

   

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги