Президент Шавкат Мирзиёев Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон шериклигинде Турсунзода қаласына жол алды.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине Душанбе-Турсунзода жолы байрамға сай безелген. Жол бойларында Өзбекстан ҳәм Тажикстан байрақлары, паннолар орнатылған. Сүренлерде еки мәмлекет басшыларының дана сиясатының нәтийжесинде ерисилген еллеримиз арасында беккем дослық ҳәм оның әмелдеги көриниси сәўлеленген.

Турсунзода қаласында мәмлекетимиз басшысын көплеген жәмийетшилик ўәкиллери «Хуш омадед» (Хош келдиңиз) деп айрықша итибар менен кутип алды.

a18390a7-2410-d5d1-628a-83cbcdf52a88.jpg

0b3e740c-4b67-8e36-9a98-9d433ba83844.jpg

86463758-4fb8-201d-a46f-1cd3902f4c98.jpg

Алоуддин Ғаффоров, ӨзА