Өзбекстанда тийисли дизимге тийкарланып дәри қураллары емлеўши врач тәрепинен жазылған жеңиллетилген рецепт тийкарында бийпул берилетуғын адамлар бар.

Әдиллик министрлиги «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы арқалы усы категориядағы пуқаралардың дизимин және бир мәрте еслетеди:

  • онкологиялық кеселликлер менен аўырғанлар;
  • туберкулёз кеселлиги менен аўырғанлар;
  • махаў кеселлиги менен аўырғанлар;
  • эндокринологиялық кеселликлер (қантлы ҳәм қанисыз диабет) аўырғанлар;
  • руўхый кеселликлер аўырғанлар;
  • АИЖ кеселлигин жуқтырғанлар;
  • жүрек клапанын протезлеў ҳәм органларды көшириў бойынша операция етилген шахслар;
  • басқалардың бағыўына мүтәж жалғыз пенсионерлер;
  • 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, оларға теңлестирилген адамлар;
  • 1941-1945-жыллардағы урыс мийнет фронтының қатнасыўшылары;
  • Чернобиль АЭСындағы апатшылық ақыбетлерин сапластырыўда қатнасқан-майыплығы болған адамлар; интернационал әскерлер;
  • әскерий хызметти ядро полигонларында ҳәм басқа да радиация-ядро объектлеринде өтеген пенсия жасындағы адамлар.

ӨзА