UzCard банклер аралық төлеў системасында 15-сентябрь күни саат 18:52 де үлкен насазлық жүзеге келген еди. Арадан еки күн өткен болса да машқала еле сапластырылмады.

Kun.uz сайтының хабар бериўинше, система иске қосылған ўақытта қарыйдарларға SMS хабарнама жибериледи.

Соның менен бирге, оператор системадағы насазлықлар бүгин – 17-сентябрь күни сапластырылыўы мүмкинлиги ҳаққында мәлим етти.

UzCard системасының ислемей қалыўы Өзбекстандағы 18 миллионнан аслам пластик карта айланысына тәсир көрсетти. Орайлық банктиң мағлыўматларына қарағанда, 2018-жылдың январь-август айларында төлеў терминаллары арқалы 39,2 триллион сум пул түскен. Бул болса күнине орташа 160 миллиард, саатына орташа 6,7 миллиард сумды қурайды.

Ҳәзирге шекем машқаланың келип шығыў себеби айтылмады. UzCard тарқатқан мағлыўматта тек ғана орай қәнигелери тәрепинен системаны иске түсириў ушын барлық зәрүрли илажлар алып барылып атырғаны мәлим етилген. Пул қаржыларына тийисли барлық мағлыўматлар қәўипсиз жағдайда сақланбақта, деп жазылған UzCard’тың 16-сентябрь күнги хабарында.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги