15-сентябрь күни Ташкент қаласындағы «Туркистон» сарайында жоқары оқыў орынлары студентлери арасында дәстүрий өткерилип киятырған «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының шерек финаль басқышы болып өтти.
Онда Ташкент қаласынан «Creative», Ташкент мәмлекетлик аграр университети Термиз филиалының «Жануб юлдузлари», Самарқанд мәмлекетлик архитектура-қурылыс институтының «Архитектор», Наўайы ўәлаятынан «Қанотчи» ҳәм Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командалары белгиленген шәртлер тийкарында өз қәбилетлерин көрсетти.
Шерек финаль басқышы жуўмақларына бола, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қәбилетли студентлеринен дүзилген «Туран» командасы жеңимпазлықты қолға киргизди ҳәм келеси – ярым финаль басқышына жол алды.
«Туран» командасы сәрдары Дәстан Бектурсыновтың айтыўына қарағанда, ярым финаль басқышы усы жылдың 22-24-ноябрь күнлери Ташкент қаласында болып өтеди.
Мағлыўмат ушын, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының «Туран» командасы 2015-жылы өткерилген «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының Өзбекстан бойынша чемпионы болған еди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.