14-сентябрь күни Нөкис қаласындағы орайлық «Туран» стадионында «Жедел исбилерменликти, инновациялық идеялар ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылы» мүнәсибети менен «Жасыл майдан маликалары» футбол жарысы өткерилди.
Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси, қалалық ҳаял-қызлар шөлкеми, Қарақалпақстан Республикасы футбол федерациясы ҳәм қалалық дене тәрбия ҳәм спорт бөлиминиң шөлкемлестириўинде өткерилген жарысқа пайтахтымыздағы барлық орта арнаўлы ҳәм жоқары оқыў орынларында оқып атырған 16-30 жас аралығындағы спортшы қызлар қатнасты.
Жарыс даўамында Нөкис педагогикалық колледжи қызларын 5:0 есабында, Қарақалпақ мәмлекетлик университети қызлар командасын 2:0 есабында жеңген Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының қызлар командасы жарыс жеңимпазы деп табылды.
Жеңимпазларға чемпионлық кубогы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Спортшыларды жарысқа тренер Руслан Ибрайымов таярлады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.