Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы 13-сентябрь күни Япония сыртқы ислер министри М.Сато, әдиллик министри Й.Камикава, Япония халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң вице-президенти Н.Сузуки «Митсубиши» компаниясының үлкен кеңесгөйи М.Сасаки менен ушырасыўлар өткерди.

Делегацияның сапары шеңберинде Жәҳән банки офисинде Өзбекстанға бағышланған инвестициялық форум болып өтти.

Ушырасыўларда ҳәм Күншығыс ели исбилерменлеринде қызығыўшылық оятқан инвестициялық форумда Япония ўәкиллери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар менен таныстырылды. Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде көрилип атырған әмелий илажлар себепли мәмлекетлик уйымлар жумысының нәтийжелилиги сезилерли дәрежеде артты, халықтың мүрәжатлары менен ислесиў, исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталық бир қанша жақсыланды, Орайлық Азия регионында қәўипсизликтиң ҳәм турақлылықтың беккемлениўи бақланбақта.

Япониялы исбилерменлер Өзбекстанда инвестициялық орталықты жақсылаў, саўда режимин әпиўайыластырыў, туризмди раўажландырыў ушын ең қолайлы шараят жаратыў бағдарындағы өзгерислерди мақуллады. Жәҳән банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң ўәкиллери өз шығып сөйлеўлеринде экономика, банк-финанс системасын еркинлестириў, инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен көрилип атырған илажларға жоқары баҳа берди.

Японияның рәсмий ҳәм исбилермен топарлары Өзбекстандағы реформаларға жәрдемлесиўге, елимиз базарында жоқары технологиялық ҳәм өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Атап өтилгениндей, Токиода өткерилген пикирлесиўлердиң нәтийжелери еллеримиз бирге ислесиўиниң раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе. Өзбекстан-Япония бирге ислесиўи стратегиялық шериклик қатнасықларына тийкарланған тығыз ҳәм жедел байланыслардың жаңа басқышына өтиў дәўиринде тур.

ӨзА