Инсан ҳуқықлары пүткил жер жүзилик декларациясы қабыл етилгенлигиниң 70 жыллығы мүнәсибети менен «Өзбекстанда инсан ҳуқықлары-жоқары қәдирият» атамасында мәмлекетлик грантының қосымша таңлаўын

ЖӘРИЯЛАЙДЫ

Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги социаллық мақсетлерди әмелге асырыўды нәзерде тутқан жойбарлары қабыл етиледи:

  1. Жәмийетте жоқары ҳуқықый сананы ҳәм дүньяқарасты, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери мәдениятын жоқарылатыў.
  2. Мәмлекет ҳәм жәмийеттиң ашық-айдын пикирлесиўиниң түрлери менен механизмлерин буннан былай да кеңейтиўде ҳәм нәтийжелилигин арттырыўда мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шерикликти күшейтиў.
  3. Жәмийетлик қадағалаў институтын кеңнен ен жайдырыў, оның түри ҳәм механизмлериниң тәсиршеңлигин арттырыў.
  4. Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң мазмун-мәнисин жергиликли ҳәм сырт ел аудиториясына жеткериўдиң инновациялық усылларын турмысқа ен жайдырыў.
  5. Жәмийетте шаңарақ институтының орнын буннан былай да беккемлеўге, оның абырайын арттырыўға, ажырасыўлардың ҳәм социаллық жетимликтиң алдын алыўға жәрдем бериў.
  6. Шахстың мийнет етиўи, еркин кәсип таңлаўы ҳәм нызамларда белгиленген тәртипте жумыссызлықтан қорғалыўына әмелий жәрдем көрсетиў.
  7. Жәмийетте илимий-техникалық дөретиўшилик еркинлиги, мәденияттың жетсикенликлеринен пайдаланыў ҳуқықын тәмийинлеўге көмеклесиў.
  8. Жасларды, әсиресе, ата-ана қәўендерлигинен айырылған жасларды социаллық қоллап-қуўатлаў, тараўда социаллық шерикликти ҳәм жәмийетлик қадағалаўды қәлиплестириў.
  9. Аўыр социаллық машқалалар астында қалған жәрдемге мүтәж халық қатламларының жәмийетке интеграцияласыўында, реабилитациясында ҳәм бейимлесиўинде социаллық шерикликти күшейтиў.
  10. Мәҳәллелерде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда, профилактика етиўде, ҳуқықбузарлықларға маўасасызлық орталығын жаратыўда мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шериклик механизмлерин кеңнен енгизиў.
  11. Жәмлеспеген, тәрбиясы қыйын жаслар менен ислесиўде мәмлекетлик атқарыў уйымларына әмелий жәрдем бериў, олар менен социаллық шерикликти буннан былай да күшейтиў.
  12. Тутыныўшылардың ҳуқықларын тәмийинлеў системасын жетилистириў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларында жәмийетлик қадағалаўдың жаңа түрлерин ҳәм механизмлерин енгизиў.
  13. Жәмийетте миллетлераралық тынышлық-татыўлық, кеңпейиллик принциплерин, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды буннан былай да беккемлеўге жәрдем бериў.
  14. «Абат мәҳәлле», «Абат аўыл», «Жасла-келешегимиз» Мәмлекетлик бағдарламаларын әмелге асырыўда жәргиликли мәмлекетлик уйымларға, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына кең көлемде әмелий жәрдем көрсетиў.
  15. Жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкмлестириў, оларды дүньялық билимлерди ийелеўге хошаметлеў.
  16. «Жаўызлыққа қарсы-ағартыўшылық» сүрени астында жаслар арасында дүркин тәрбиялық илажларды шөлкемлестириў.
  17. Мәҳәллелерде жәмийетлик-мәнаўий орталықты буннан былай да жақсылаўда жергиликли мәмлекетлик уйымлар ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў.

Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:

  1. Шөлкемниң басшысы тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
  2. www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза.
  3. Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Реже) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған нусқасы.
  4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
  5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шерикликтиң бирликтеги режелери қосымша етилиўи мүмкин.

Бир жойбар ушын мәмлекетлик грант муғдары-30 миллион сум.

Ҳүжжетлер 2018-жыл 17-сентябрьден 22-октябрьге шекем қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қоры» атына:

100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай мәнзилине «Өзбекстан почтасы» арқалы мөр басылған конвертте (А4 форматта) жиберилиўи шәрт.

Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.

Мағлыўмат ушын телефонлар: (0371) 239-26-76, 239-26-86.