Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими елеўли илимий жаңалықлары менен елимиз раўажына үлкен үлес қосып келмекте. Бөлимде бүгинлиги дүнья жәмийетшилигине исмлери белгили илимпазлар жумыс ислейди. Олар тәрепинен усы күнге шекем бир қатар жаңалықлар ашылған. Усы бөлимниң Тәбият илимлери бирлескен институты Геология лабораториясы илимий хызметкерлери тәрепинен ойлап табылған илимий жаңалықлар да кең жәмийетшиликтиң итибарын тартпақта. Бул лабораторияға бүгинги күнде техника илимлери кандидаты Иззет Айымбетов басшылық етеди. Мақаламызда илимпаз И.Айымбетовтың басшылығында ислеп шығылған илимий жаңалықлар ҳаққында азы-кем мағлыўмат беремиз.

 

ИЛИМПАЗДЫҢ ИЛИМИЙ ЖУМЫСЛАРЫ ИРИ ӨНДИРИСЛЕРДЕ ҚОЛЛАНЫЛМАҚТА

И.Айымбетовтың басшылығында Өзбекистан Республикасы Илим ҳәм технологиялар комитетиниң гранты бойынша еки жойбар әмелге асырылды ҳәм өндириске енгизилди. Оның басшылығында хожалық шәртнамасы тийкарында Қарақалпақстанда салынатуғын 100 ден аслам объекттиң инженерлик-геологиялық жуўмақлары ислеп шығылған.

Соның ишинде 2013-жылы Қоңырат Сода заводының екинши нәўбетиниң имаратларын, Тебинбулақ титано-магнетит рудасын өзлестириў ушын салынатуғын имаратларын ҳәм «Междуречье» суў сақлағышын жойбарлаў бойынша инженерлик-геологиялық илимий жуўмақлары ислеп шығылды. Бул жумыслардың улыўма  баҳасы 160 милллион сумды қурайды.

2005-2007-жыллары И.Айымбетов басшылығындағы лаборатория хызметкерлери хожалық шәртнамасы тийкарында 2006-жылы Москвадағы ЦСКА стадионы ҳәм Россиядағы ең бийик, яғный  бийиклиги 300 метрлик турақ жайлар қурылған Москва Сити аймағындағы жердиң физикалық-механикалық қәсийетлерин үйрениўге қатнасты.

Илимпаздың илимий жумысларының жуўмақлары Россиядағы «Зеленчук» гидроэлектростанциясының жер асты тунеллерин жобаластырыўда қолланылып, нәтийжеде 400 тоннадан аслам полат арматураларын үнемлеўге ерисилген.

Ҳәзирги ўақытта И.Айымбетов Қарақалпақстанның дузлы жерлериниң физикалық-механикалық қәсийетлерин изертлеў ҳәм сол жерлерде имаратларды қурыў усылларын ислеп шығыў илимий бағдары бойынша жумыслар алып бармақта.

 

ПОЛИЭТИЛЕН ШЫҒЫНДЫЛАРДЫ ПАЙДАҒА АСЫРЫЎ МҮМКИН БЕ?

– Ҳәммеге белгили, базарға ямаса дүканға барған адам, сатып алған затын полиэтилен қалташаларда алып келеди. Полиэтилен қалташалар пайдаланылып болынғаннан кейин шығынды ретинде таслап жибериледи ямаса өртеледи. Соны айтып өтиў керек, полиэтилен қалташалар жердиң астында 200 жылға шекем ширимейди, ал өртелгенде ҳаўаға зәҳәрли газларды бөлип шығарады,-дейди И.Айымбетов.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан шәраятында топырақлардың шорланыўы қурылыс имаратларына өзиниң кери тәсирин тийгизип атыр. Себеби, дузлар имаратлардың тырнағын жер асты конструкцияларының исенимли ислеў ўақтын кемейтеди. Имаратларды жер асты дузлы суўларынан исенимли қорғаў ушын ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминде елеўли илимий жумыслар тәжирийбеден өткерилди. Атап айтқанда, полиэтилен пленка шығындыларын имаратлардың тырнақларын изоляциялаўда пайдаланыў технологиясы ислеп шығылды.

Полиэтилен шығындылары менен изоляция етиў имаратлардың өмирин узайтады, соның менен бирге әтирапты патаслайтуғын полиэтилен қалташаларды жоқ етип, оларды өзимиздиң пайдамызға ислеўге имканият туўдырады. Буннан басқа бул технология изоляция материалы болған қара майды үнемлеў мүмкиншилигин береди.

Полиэтилен шығындыларын қайта ислеў технологиясын жол қурыўда ислетилетуғын асфальтабетон таярлаўда да қолланыўға болады. Полиэтилен шығынды қосылып исленген асфальт бетоны қәдимги асфальт бетонға салыстырғанда беккем болады.

Лабораторияда исленип шыққан екинши илимий усыныстың бири – кем қабатлы имаратлардың дузлы топырақларда салыўға арналған имараттың жаңа фундамент блогының конструкциясы болып есапланады. Бул илимий жойбарда иши геўек фундамент блогын ислеп шығыў усынылған. Фундаментлердеги геўеклик дузға шыдамлы қум менен толтырылады. Бул фундамент блогын имарат майданларын қоршаў ушын арналған гербиш дийўаллары астына тырнақ ретинде қолланыў мүмкин. Бул фундамент блогын пайдаланыў нәтийжесинде 30-40 процент бетон араласпасы үнемленеди.

 

ИЛИМПАЗ ДӨРЕТКЕН ЖАҢАЛЫҚЛАР. ОЛАР НЕЛЕР?

1) Шорланған топырақларда қурылып атырған көп қабатлы имаратлардың фундаментиниң ресурсүнемлегиш конструкциясы

Фото: Ресурсүнемлегиш фундамент блогы. Ортадағы бослыққа қум толтырылады. Нәтийжеде бетон араласпасы 30-40 процентке үнемленеди. 

Ҳәммеге мәлим, Қарақалпақстан аймағы еригиш дузлар менен шорланған. Әсиресе, соңғы жылларда топырақлардың шорланыўы күшеймекте. Бул инженерлик-геологиялық шараятларға кери тәсир көрсетеди, яғный, көп қабатлы имаратлардың төменги бөлегиниң мүддетинен алдын жемирилип, зыянланыўына алып келеди. Әсиресе, бундай жағдайда жеке сектордағы көп қабатлы имаратлар зыян көреди, себеби жеке меншик турақ-жай қурыўшылардың инженерлик-геологиялық тексериў ҳәм үйрениў жумысларын өткермей турып, қурылыс жумысларын алып барыў жағдайлары жийи-жийи ушыраспақта.

Ҳәзирги ўақытқа шекем Нөкис қаласының айырым кәрханалары тәрепинен көп қабатлы үйлерди қурыўда пайдаланыўға жарамлы болған бослықлы фундамент блокларын ислеп шығарыўға урыныўлар болды. Тилекке қарсы, оларды тақлаў ҳәм транспортировка ўақтында бул блоклардың бузылып кетиўи көзге тасланды. Енди лента тәризли фундамент блоктың узынлығы 240 сантиметр, кеңлиги 50 сантиметр болған конструкциясы жаратылды. Фундамент блогын ислеп шығарыўдың технологиясы ҳәм оның опалубкасының (опалубка – бетон қуйыў ушын қәлип) конструкциясы ислеп шығылды. Фундамент блогының монтажынан кейин бослықлар бархан қумлар менен толтырылады.

Усындай геометриялық өлшемлерге ийе болған стандарт фундамент блоклары  бетон араласпасының 35 процентке шекем тежелиўин тәмийнлейди.

Бул жаңа блок қурылыс тараўында қолланылады. Оның кәрхана шараятында бослықлы бетон блогының тәжирийбе үлгиси ислеп шығылған.

Санаат ислеп шығарыў опалубкалары топламын жаратыў ҳәм исленбени раўажландырыў ушын 100 миллион сум муғдарындағы қосымша қәрежет зәрүр.

 

2) Полиэтилен шығындыларын қайта ислеў технологиясы

Фото: Полиэтилен шығындылардан таярланған асфальт үлгиси

Ҳәммеге мәлим, полиэтилен шығындыларының көбейип кетиўи, бир қатар экологиялық машқалаларды келтирип шығармақта.

Ҳәзирги ўақытта бир қатар кәрханалар оларды қайта ислеўге ҳәрекет етпекте. Олардан гилемлер, тротуар плиткалары, полиэтилен трубалар ислеп шығарылмақта. Бирақ, соған қарамастан бул кәрханалар барлық шығындыларды қайта ислеўге үлгермей атыр, себеби оны қайта ислеўде көп ўақыт олардың реңлерин таңлаўға ҳәм тазалаўға кетип атыр. Соның менен бирге оларды тазалаў пайытында көп муғдардағы патасланған суў ҳәўизлери пайда болып, олар да өз гезегинде әтираптың патасланыўына алып келмекте. Қайта исленбегенлери шығынды таслаў орынларында өртелиўи себепли ҳаўа зәҳәрли газлер менен патасланбақта. Бул да өз гезегинде экологиялық машқаланы келтирип шығармақта.

Усыларды есапқа алып, полиэтилен шығындыларды асфальт бетон ҳәм битумға қосыў арқалы пайдаланыўдың жоллары ойлап табылды. Егер усылай пайдаланылса, шығындыларды жуўып тазалаўдың да, таңлап отырыўдың да кереги болмай қалады. Ең тийкарғысы, полиэтилен шығындыларын асфальт қурамында араластырып пайдаланыў битумның 3 процентке шекем үнемлениўине мүмкиншилик жаратады. Тийкарғысы, экологиямыз жақсыланады. Илимпаздың айтыўынша, бул жумысларды жолға қойыў ҳәм әмелге асырыў ушын қосымша лабораториялық тексериўлер өткериў керек. Оның конструкциясын ислеп шығыў ҳәм үлгили нусқасын таярлаў ушын 200 миллион сум муғдарындағы қаржы талап етиледи.

 

ИЛИМПАЗ ҲАҚҚЫНДА

И.Айымбетов орта мектепти 1974-жылы алтын медаль менен тамамлап, 1974-1979-жылларда А.Р.Беруний атындағы политехника интитутының «Санаат ҳәм пуқара қурылысы» факультетинде билим алған ҳәм «инженер-қурылысшы» дәрежесине ийе болып, сол жыллардан баслап Нөкис қурылыс техникумында, Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалында, Москва инженер қурылыс институтының «Грунтлар механикасы ҳәм тийкарлары» кафедрасында жумыс ислеген. Ол 1983-86-жыллары усы кафедрада аспирантурада оқып, 1987-жылы «Бос тас жынысларының осисимметрик зорығыў шараятында жер асты қурылысы  мәселелерин шешиўге байланыслы деформацияланыўын изертлеў» атлы кандидатлық диссертациясын табыслы қорғап шыққан. Ол 1988-1990-жыллары Өзбекистан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде инженер, илимий хызметкер лаўазымларында ислеген. 1991–жылдан баслап дәслеп Инженерлик геология, кейин Геология лабораторияларының баслығы лаўазымын атқарып келмекте.

Ол ӨзРИА Қарақалпақстан бөлиминде Инженерлик геология лабораториясын шөлкемлестириўге басшылық етти. Оның 85 илимий ҳәм илимий көпшилик мийнетлери соның ишинде 2 монографиясы (бир монографиясы Германияда) баспада жәрияланған. Оның көплеген илимий мийнетлери Франция, Россия, Япония, Швеция мәмлекетлеринде  жәрияланған.

Геология лабораториясының илимий хызметкерлериниң авторлығында жүзден аслам илимий мақалалар, монографиялар, конференция тезислери Өзбекистанда ҳәм сырт еллерде жәрияланды.

 

 

 

Әдилбай Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.