4-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы Мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып өткен «Музейлер ҳәптелиги»ниң ашылыў салтанатында музей директоры Г.Изентаева 2-8-cентябрь аралығында музей экспозицияларын бийпул тамашалаў мүмкинлиги ҳаққында мәлим етти.

Ҳәптелик тийкарынан  2-8-сентябрь күнлери музейдиң жаңадан ашылған имаратында өткериледи.

Ҳәптелик даўамында музей тәпепинен бир қатар илажлар өткерилиўи күтилмекте. Атап айтқанда, ҳәптелик даўамында музей нураныйлары А.Пирназарова, В.Сычева ҳәм Г.Галиулиналар менен ушырасыў өткериледи.

7-сентябрь күни Қарақалпақстан халық художниги Б.Серекеевтың туўылғанына 75 жыл толыўына байланыслы «Ўатанды жырлап» атамасында жеке көргизбеси шөлкемлестирилип, онда художниктиң өмир жолы ҳәм өмири даўамында дөреткен ҳәр түрли жанрдағы дөретпелерин тамашалаў мүмкин.

«Музейлер ҳәптелиги»ниң жуўмақлаўшы күнинде художниклери менен Нөкис қалалық 1-санлы Есжан бақсы атындағы,  12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплериниң оқыўшылары менен ушырасып, оларға картина жаратыў сырлары, живопистиң өзгешеликлери «Устаз-шәкирт» сабағы арқалы үйретиў режелестирилмекте.

 

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы