Қәдирли ўатанласлар!

Бәринен бурын, усы қутлы әййямда сиз, әзизлерди, көп миллетли пүткил халқымызды 8-декабрь Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Әлбетте, быйылғы Конституция байрамының өз алдына руўхы ҳәм абырайы бар екенлигин бүгин бәршемиз терең сезинип, түсинип турмыз. Бул, биринши гезекте, усы байрамның сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық өмиримиздеги үлкен өзгерислер әмелге асырылып атырған тарийхый бир шараятта өтип атырғаны менен байланыслы, десек, дурыс болады.

Әсиресе, усы жыл, 27-октябрьде Олий Мажлис ҳәм жергиликли Кеңеслерге ашықлық ҳәм бәсеки руўхында өткен сайлаўлар жаңаланған Тийкарғы нызамымызды турмысымызда қолланыў жолында оғада әҳмийетли қәдем болғанын және бир рет атап өтиўимиз керек.

Мийнеткеш, уллы ҳәм кеңпейил халқымыздың Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы ерк-ықрары, бирлиги ҳәм аўызбиршилиги, сиясий мәденияты айқын көринген усы сайлаўлардың нәтийжелерине бола, елимизде конституциялық ҳуқық ҳәм ўәкилликлери күшейген, жуўапкершилиги бир неше есеге артқан жаңа ўәкиллик системасы қәлиплескени, әлбетте, барлығымызды миннетдар етеди.

Және бир әҳмийетли тәрепи- ҳәкимлер бир ўақыттың өзинде жергиликли Кеңеслерге де басшылық етип келген әмелияттан бул уйымларға биринши рет депутатлар арасынан сайланған Кеңес баслығы басшылық ететуғын жаңа системаға өтпекте.

Буннан тысқары, ҳәкимлердиң 30 дан аслам ўәкилликлери жергиликли Кеңеслерге өткерилгени турмысымызда демократиялық, халықшылық принциплери барған сайын кеңнен орын алып атырғанынан дәрек береди.

Биз «Халық мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги» деген конституциялық принципке әмел еткен ҳалда, парламент ҳәм жергиликли Кеңеслер ўәкилликлерин кеңейтиў, олардың жумысын және де арттырыў, нәтийжели жумыс ислеўи ушын керекли шараятларды жаратыў, бир сөз бенен айтқанда, оларды анық халық даўысына айландырыўға қаратылған реформаларымызды қатаң даўам еттиремиз.

Ҳүрметли дослар!

Инсан қәдирин улығлаў, оның ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў бойынша Тийкарғы нызамызда мөрленип қойылған тийкарғы принциплерди турмысымызға избе-из енгизиў бойынша елимизде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Халқымыздың пидакерлик мийнети менен соңғы жыллары экономикамыз 2 есеге өскени, халықтың жан басына  туўра келетуғын дәрамат 3 мың долларға жеткени, кәмбағаллық дәрежеси 23 проценттен 11 процентке түскени, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў 74 проценттен, жоқары билимлендириўге болса 39 проценттен артқаны, тарийхый нәтийже болып есапланады.

Реформаларды жедел даўам еттирип, жаңаланған Конституциямыз нормаларын турмысымызда қолланыў мақсетинде исбилерменликти раўажландырыў, усы тийкарда халықтың дәраматларын арттырыў, шаңарақ ҳәм мәҳәллелерде өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеў, кексе әўлад ўәкиллери, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ўазыйпасы буннан кейин де итибарымыз орайында болады.

Сондай-ақ, Тийкарғы нызамымызда Өзбекстан социаллық мәмлекет сыпатында белгиленгенинен келип шығып, қала ҳәм аўылларымызды абат етиў, жаңа турақ жайлар, медицина, билимлендириў, мәденият, көркем өнер ҳәм спорт орайларын қурыў, жол ҳәм коммуникация тармақларын модернизациялаў, мәнзилли социаллық қорғаўды күшейтиў биринши дәрежели әҳмийетли орын тутады. Соның ишинде, денсаўлықты сақлаў тараўына ажыратылып атырған қаржылар көлеми 2 есеге көбейтилип, медициналық қамсызландырыў системасына өтиў ҳәм халықты кепилленген медициналық хызметлер менен толық тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады.

Билимлендириў тараўындағы бағдарламаларымыз шеңберинде жақын жылларда жоқары оқыў орынларына қамтып алыў 50 процентке жеткериледи. Тек ғана 2025-жылда бақша ҳәм мектеплерди оңлаў ҳәм жаңаларын қурыў ушын мәмлекетлик бюджеттен  4 триллион сум қаржы ажыратылады.

Және бир әҳмийетли бағдар-халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ушын жәми 46,5 триллион сум қаржы жумсалып, 1 миллион пуқараны кәмбағаллықтан шығарыў режелестирилмекте.

Майыплығы болған шахслар ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, олардың социаллығын арттырыў ҳәм улыўма жәмийетимизде инклюзивликти тәмийинлеў бойынша жумыслар да жаңа басқышқа көтериледи. Пенсия системасын реформалаў бойынша да керекли илажлар көриледи.

Жаңаланған Бас нызамымызда пуқаралардың экология тараўындағы ҳуқықлары конституциялық дәрежеде белгиленип, мәмлекеттиң қоршаған орталықты қорғаў, экологиялық теңсалмақлылықты сақлаўға қаратылған миннетлемелери айрықша беккемленип қойылғаны бизге белгили.

Кирип киятырған 2025-жылды мәмлекетимизде «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономикалық жылы» деп жәриялағанымыз ҳәм бул бойынша үлкен ўазыйпаларды анық белгилеп алғанымыз әне, усы конституциялық қағыйда ҳәм принциплерди әмелге асырыў ушын әҳмийетли тийкар болады, деп исенемен.

Ўақыттан пайдаланып, сиз әзиз ўатанласларымды, пүткил халқымызды усы жыл бойынша Мәмлекет бағдарламаны ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыўда белсене қатнасыўа шақыраман.

Тәбиятты қорғаў –бул инсанды, келешекти қорғаў екенлигин ҳеш қашан умытпайық. Бийбаҳа байлығымыз болған өнимдарлы атызларымыз тынық булақларымыз, дәрья ҳәм көллеримиз, таў ҳәм төбеликлеримизди қорғаў, бағ, жасыл мәканларды көбейтсек, Өзбекстанымыз және де гөззал диярға айланады, әўладларға бизден азат ҳәм абат Ўатан қалады.

Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!

Конституциямыз мәмлекетимизде миллий ғәрезсизлигимизди беккемлеў, тынышлық ҳәм турақлылық, миллетлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти сақлаў, реформаларымыздың артқа қайтпас түрге ениўин тәмийинлеўде ҳәр қашан исенимли кепил болып келген ҳәм буннан кейин де усындай болып қалады.

Усы мәнисте, халқымыздың ҳуқықый раўажланыўы, ерк-ықрарының жарқын тымсалы ҳәм әмелий көриниси болған Тийкарғы нызамымыз бенен қанша мақтансақ арзыйды. Бул бийбаҳа энциклопедияның ҳәр бир статьясы ҳәм қағыйдасын үйрениў, оларға ҳүрмет, меҳир ҳәм итибар менен мүнәсибетте болып, толық орынлаў бәршемиз ушын муқәддес миннет ҳәм критерияға айланыўын қәлер едим.

Әне усылайынша жоқары жуўапкершилик пенен мийнет етип, реформаларымыздың нәтийжесин және де арттырамыз ҳәм алдымызға қойған уллы мақсетлерге, әлбетте, жететуғынымызға исенемен.

Сиз, әзиз ўатанласларымызды Конституция күни менен және бир рет шын жүрегимнен қуўтлықлап, бәршеңизге денсаўлық, шаңарақларыңызға тынышлық, берекет тилеймен.

Ўатанымыздың абырайы, даңқы зияда болсын!

Барлық табыс ҳәм жетискенликлеримиздиң дөретиўшиси болған халқымыз аман болсын!

 

          Шавкат МИРЗИЁЕВ,

  Өзбекстан Республикасы Президенти