Президент Шавкат Мирзиёев 6 –декабрь күни Ташкент ӯәлаятына  барып, транспорт, энергетика ҳәм туризм тараӯларында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм перспективалы жойбарлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп «Ташкент – Хожакент» жөнелисинде жаӊа электропоездды көзден өткерди.

Президентимиздиӊ өткен жыл 10-октябрьдеги қарарына муӯапық, «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийети трансформацияланбақта етилмекте. Жәмийет қурамында инфраструктура, вагон хызмети, жолаӯшы тасыӯ сыяқлылар  менен шуғылланыӯшы 6 еркин кәрхана жумыс баслады.

Поездлар парки де  кеӊейтилмекте.  Әсиресе, жолаӯшы тасыӯда халық ҳәм туристлерге қолайлықлар арттырылмақта. Жаӊа поездлар алып келинди. Ташкенттен  Самарқанд, Бухара, Қаршы сыяқлы тарийхый қалаларымызға  «Афросияб» электропоездларының қатнаӯлары көбейтилди.

Өткен дәӯирде елимизде 3 мыӊ километрден аслам темир жоллар электрлестирилди. Бухара – Ургенш – Хийӯа  темир жол  тармақларын  электрлестириӯ жуӯмақлаӯшы басқышта. Мискин – Нөкис бағдарында  жедел даӯам еттирилмекте. Ташкент әтирапында да электрлескен жол қурылып, поездларды өткериӯ имканияты 30 процентке артты.

Енди «Ташкент – Хожакент » жөнелисинде жаӊа электропоезд  қатнаӯға қойылмақта. Мәмлекетимиз басшысы усы поездға шығып, ҳәрекетлениӯин ҳәм қолайлықларын көрди.

Вагонлар қолайлы ҳәм жақты, жолаӯшылар ушын қолайлы. Орынлықлардыӊ саны 586. Мағлыӯмат таблолары ҳәм өрт қәӯипсизлиги системасы орнатылған. Поезд саатына 120 километрге шекем тезликке шыға алады. Ҳәр бир тәрепке күнине үш реттен қатнаӯ жолға қойылады.

Сапар ӯақтында  мәмлекетимиз басшысы темир жол, инфраструктурасын раӯажландырыӯ, жолаӯшылар ушын шараятларды жақсылаӯ, темир жолларды электрлестириӯ ҳәм оларға тутас аймақларды абаданластырыӯ бойынша  жуӯапкерлердиӊ есабатларын тыӊлады.

Ташкент ҳәм Хожакент аралығындағы темир жолға тутас майданларды 2025-жылғы  реновация бағдарламсына киргизип, оларды тәртипке келтириӯге көрсетпе берилди. Жөнелистеги ғыйсық бөлеклерди дурыслап қайта қурыӯ арқалы күнлик экспресс поездлардыӊ қатнаӯын көбейтиӯ ҳәм көбирек жолаӯшыларға хызмет көрсетиӯ ушын шараят жаратыӯ тапсырылды.

«Жасыл мәкан» жойбары шеӊбериндеги жумыслар  да додаланды. Темир жол шетлерин көклемзарластырыӯ, суӯ ресурслары шекленген аймақларда сырт ел тәжирийбеси тийкарында  қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлерди егиӯ, сырт елден тек жергиликли климатымызға сәйкес болған  нәллерди алып келиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент ӯәлаяты Бостанлық районына барып, қурылыс  жумыслары менен танысты.

Гөззал таӯлар қойнындағы бул аймақтыӊ драйвери, әлбетте, туризм. Соӊғы жыллары инфраструктура жақсыланып, жылдыӊ барлық мәӯсиминде жақсы дем алыӯ имканияты жаратылды. Дем алыӯ, саламатландырыӯ, шаңғы, саяхат, улыӯма аӯқатланыӯ комплекслери қурылды. Ески санаторий ҳәм балалар дем алыс орынлары  жаӊаланды.

Атап айтқанда, бес жыл алдын районда 2 мың 240 орынлық 26 орай болған болса, усы дәўирде тараўға 2 триллион сумнан аслам инвестиция киргизилип, 13 мыңнан көп орынға ийе 59 ири туризм комплекси иске түсирилди. Тийкарғы автомобиль жолы оңланып, қосымша жоллар қурылды.

Усылардың нәтийжесинде туризм жедел раўажланды, келиўшилер 12  есеге артты. Соның ишинде, бес жыл алдын Бостанлыққа жылына 850 мың турист келген болса, быйыл 11 айдың өзинде 12 миллион адам келген.

Бул пәт избе-из даўам етпекте. Мәмлекетимиз басшысы усындай жойбарлар менен танысты.

Шыршық дәрьясы бойында «Чарвақ дәрўазасы» туристлик комплекси қурылмақта. Дерлик 25  гектар майдандағы комплексте 16 көп қабатлы  жай, 3 мийманхана, 2 супермаркет, 60 тан аслам саўда ҳәм турмыслық  хызмет шақапшалары, кафе ҳәм ресторанлар, банк офиси, аквапарк, музыкалы фонтан, автомобиль туратуғын орын болады. Имаратлардың төбесине қуяш панеллери орнатылады. Дәрья үстинде сейил етиў ушын  шишели көпир қурылады.

Комплекс күнине  5 мыңнан аслам адамға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады.  Мәўсимлилигине қарай 2 мың 500 жумыс орны жаратылады.

Президентимиз хызмет түрлерин көбейтип, жедел туризмди раўажландырыў, бундай комплекслерди басқа районларда да жойбарластырыў бойынша көрсетпелер берди. Аймақта экологияға айрықша итибар бериў, жасыллықты көбейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Бостанлық районында қурылып атырған «Ugam River» туристлик комплексин де барып көрди.

Угам дәрьясы бойындағы бул орай алдын толық пайдаланылмаған,  таслы жер еди. Быйыл 1 триллион сумнан аслам жойбар шеңберинде дерлик 14 гектар майданда  қурылыс басланды. Ҳәзирги күнде 17 көп қабатлы жай қурылмақта. Олар 5, 6 ҳәм 7 қабатлы, 870 шаңарақтан ибарат болады.

Сондай-ақ, 16 коттедж, 3 ресторан, жигирмадан аслам саўда ҳәм хызмет шақапшалары қурылады. Балалар  майданшасы, жабық суў бассейни, фитнес ҳәм спорт майданшалары, амфитеатр, автомобиль туратуғын орын, автомобиль көпири, таў ҳәм дәрья бойы жоллары да қурылады.

Бул қолайлықлары менен жаңа комплекс жылына 200 мың келиўшилерге хызмет көрсете алады. Бул районның туризм потенциалын және де  арттырады. Биринши басқыш – көп қабатлы жайларды келеси жылдың басында пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы усындай  шаңарақлардан бирин кирип көрди.

Туристлер көпирек сулуыў тәбиятқа, таза ҳаўаға умтылады.  Усыны инабатқа алып, бар терекликке қосымша 20 мың түп нәл отырғызылады. Заманагөй технологиялар жәрдеминде күнине 1 мың метр куб дәрья суўы қайта исленеди. 2 мегаваттлық термал ысытыў ҳәм суўытыў системасы жолға қойылады.

Президентимиз тараў жуўапкерлерине аймақтың үгит-нәсиятлаў жумысларын кеңейтип, бундай  орайларға туристлерди тартыў бойынша көрсетпелер берди.

Туризм жойбарлары себепли жумыс орынлары көбеймекте. Соның менен бирге, халықтың дәстүрий қәлиплескен кәсип-өнерлерин де сақлаў керек екенлиги атап өтилди. Мәселен, район пал, лимон жетистириў ушын сай. Оларды раўажландырыў тәбийғый орталықты қәстерлеп сақлаў көқарасынан да әҳмийетли.

Мәмлекетимиз басшысы Бостанлық районына сапары ўақтында  «Угам-1» киши  гидроэлектр станциясын барып көрди.

Мәмлекетимизде  энергия қуўатлықларын арттырыўда барлық дәреклерден пайдаланылмақта. Атап айтқанда, аймақларда күнлик энергия тәмийнатында гидроэнергетика қолайлы ҳәм нәтийжели . Олар улыўма тармаққа қосылмастан ҳәр бир аймақ ҳәм мәҳәлле кесиминде электр менен тәмийинлей алады. Алынатуғын  электрдиң өзине түсер баҳасы да басқа дәреклерге салыстырғанда оғада арзан. Сонлықтан кейинги жылларда бул тараўды раўажландырыўға үлкен итибар қаратылмақта.

Соңғы жылларда елимизде 630 миллион доллар инвестиция есабынан 400 мегаваттан аслам жаңа гидроэлектр станциялары қурылып, олардың қуўатлылығы 2,2 гигаваттқа жеткерилди.

Ташкент ўәлаятында улыўма қуўатлылығы 1 мың 330 мегаватт болған 25 гидроэлектр станциясы  бар. Бул республикамыздағы улыўма гидроэнергетика қуўатлылығының 60 процентине тең болып есапланады. Бүгинги күнде баҳасы 880 миллион доллар ҳәм қуўатлылығы  340 мегаватт болған және 4 ГЭС қурылмақта. Сондай-ақ, 2028-жылға шекем ўәлаятта улыўма қуўатлылығы дерлик 2 мың 400 мегаватт болған, 4 миллиард 800 миллион долларлық 23 жойбар әмелге асырылады.

Қуўатлылығы 1,48 мегаватт болған бул «Угам-1» киши ГЭСин  қурыў арқалы жылына 11,8 миллион киловатт саат экологиялық таза электр энергиясын ислеп шығарыў имканияты жаратылды. Заманагөй нәтийжели гидроагрегатлар ҳәм автоматик басқарыў системасы  орнатылды. Итибарлысы, онда толық локализацияланған өнимлер ислетилген.

Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде аймақтағы Шарбағ, Хумсан ҳәм Угам мәҳәллелериндеги  5 мың шаңарақ ҳәм туризм ҳәм дем алыў орайлары үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинленеди. Жылына дерлик 4 миллион  метр куб газ үнемленеди.

Ҳәзирге шекем Угам дәрьясында еки киши ГЭС қурылды. Олардың ҳәр биринен жылына еки жүз миллиард сум дәрамат алынбақта. Суў ағымынан қайта-қайта пайдаланыў арқалы  бундай станцияларды онға шекем жеткериў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.

Оның менен тек энергетика мәселеси шешилип емес, ал аймақ инфраструктурасы да жақсыланады.  Исбилерменлик, аўыл хожалығы кәрханалары пайда болады.

Мәмлекетимиз басшысына  аймақларда режелестирилген жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Тараўға сырт ел инвестициясын ҳәм жеке секторын тартып, 2030-жылға шекем улыўма қуўатлықларды  6 мың мегаваттқа жеткериў белгиленген. Оның ушын хуқықый, экономикалық шараятлар жаратылған. Соның ишинде, мәмлекетимиз бойынша  еки мыңға шекем  микро ҳәм киши ГЭСлер қурыў имканияты бар.

Президент Бостанлық районында шөлкемлестирилип атырған жаңа туризм орайында болды. Бул жерде  инфраструктура жаратылып, капсула формасындағы жайлардан ибарат заманагөй дем алыў орайы қурылмақта. Сондай-ақ, ресторанлар, муз жоллары ҳәм шаңғыда ушыў майданлары болады.

Айналы  капсула жайларының өзине сай тәрепи, олар жеңил, көшпели, үнемли. Үлкен қурылыс исленбейтуғыны себепли тәбиятқа да зыян жеткермейди.

Мәмлекетимиз басшысы бундай жайларды Бахмал, Шахрисабз, Байсун сыяқлы басқа туризм орайларында да орнатыў туристлердиң итибарын тартатуғынын атап өтти.

Икрам АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршысы