Пайтахтымызда Өзбекстанда экологиялық ҳәм климат өзгериўине шыдамлы қалаларды раўажландырыў бойынша халықаралық форум болып өтти.

Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Жәҳән банки менен биргеликте шөлкемлестирилген бул форумда жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери, сондай-ақ, Швейцарияның Экономикалық мәселелер бойынша Мәмлекетлик секретариаты (SECO), БМШ Раўажланыў бағдарламасы, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банкиниң ўәкиллери қатнасты.

Әнжуманда Экономика ҳәм қаржы министриниң биринши орынбасары Илҳам Норқулов, Жәҳән банкиниң қала қурылысы, турақлылық ҳәм жерден пайдаланыў бойынша глобал әмелият бөлиминиң менеджери Кристоф Пуш ҳәм басқалар Өзбекстанда экологиялық ҳәм климат өзгериўине шыдамлы қалаларды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, бул процессте сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм гезектеги режелерде халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Сондай-ақ, онда  мәмлекетте урбанизация тез пәтлерде өсиўи, регионлар ҳәм қалалардың климат өзгериўи ақыбетлерине бейимлесиўи, олардың тәбийғый апатшылықларға шыдамлылығын арттырыў ҳәм аймақлық раўажландырыў тараўындағы реформаларды әмелге асырыў мәселелерине итибар қаратылды.

Атап өтилгениндей, 2025-жылдың Өзбекстанда «Қоршаған орталықты сақлаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланыўы мәмлекеттиң экологиялық турақлылық ҳәм климат өзгериўине бейимлесиў бағдарындағы ҳәрекетлеринде стратегиялық әҳмийетке ийе. Бул баслама шеңберинде экологиялық ҳәм климат өзгериўине шыдамлы қалаларды раўажландырыў бойынша халықаралық форумның өткерилиўи глобал бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм «жасыл» раўажланыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып хызмет етеди.

Ҳәзирги күнде Өзбекстанда 37 миллион халықтың ярымынан көбиси қалаларда жасайды. 2050-жылға келип қала халқының саны прогнозларға бола 50 процентке өсиўи күтилмекте. Қоршаған орталыққа зыян келтирмеген ҳалда өсип баратырған халық талапларын қанаатландырыў ушын қала инфраструктурасын, атап айтқанда, транспорт, энергетика, шығындыларды қайта ислеў сыяқлы тараўларда системалы реформаларды әмелге асырыў зәрүр.

– Климат өзгериўи есабынан қалалардың ыссылық толқынлары ҳәм суў тасқынлары сыяқлы климат қәўип-қәтерлерине қарата турақлылықты арттырыў әҳмийетли мәселе болып есапланады,-деди И.Норқулов. – Өзбекстанда қала миграциясы экономикалық өсиў пәтлерине қарағанда жедел болмақта. Бул қала хожалығын басқарыў ҳәм режелестириўдиң заманагөй механизмлерин енгизиў зәрүрлигин пайда етпекте. Бул мәселелерди шешиў, атап айтқанда, қала инфраструктурасын модернизациялаў, қайта тикленетуғын энергия дереклеринен кеңнен пайдаланыў имканиятларын жақсылаў ҳәм климат өзгериўиниң жергиликли халық турмыс тәризине ҳәм инфраструктурасына тәсирин есапқа алған ҳалда,  қала қурылысын режелестириўге инвестиция киргизиўди талап етеди. Келешекте ҳәр бир аймақ «жасыл» аймақларды раўажландырыў бағдарында миннетлемелерди алады. Бул процессте биз Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги менен биргеликте илажларды әмелге асырмақтамыз.  Бүгинги илаж мине, усындай мақсетлеримиз ушын жаңа имканиятларды ашып бериўге хызмет етеди.

Бул талаплардан келип шығып, бул форум қатнасыўшылар ушын Өзбекстанда турақлы урбанизацияны қоллап-қуўатлаў ҳәм экологиялық, климатқа шыдамлы аймақлар ҳәм қалаларды раўажландырыўға қаратылған шешимлерди додалаў ушын әҳмийетли платформа жаратып бергени менен әҳмийетли.

Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Татьяна Проскурякова Өзбекстан ҳүкимети өз алдына экономикалық өсиўге ерисиў ҳәм халық абаданлығын тәмийинлеўдей үлкен мақсетлер қойғанын атап өтти.

– Жәҳән банки басқа бирге ислесиўшилер менен биргеликте бул мақсетлерге ерисиўде Өзбекстан ҳүкиметин қоллап-қуўатлайды. Дүньяда барлық мәмлекетлердиң раўажланғаны сайын оларда урбанизация процесслери де күшейип барады. Бүгинги күнде мәмлекетиңиздиң ярым халқы урбанизацияласқан аймақларда жасайды. Елиңиздеги үлкен өзгерислер себепли бул үлестиң артып барыўы күтиледи. Өзбекстан ҳүкимети ҳәм басқа да мәпдар тәреплер урбанизацияластырыў бойынша пуқта илажлар көрмекте. Бүгинги форум бул мәселеде әмелий нәтийжелер береди, деген үмиттемен,-деди Т.Проскурярова.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВ,

ӨзАның хабаршысы