Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы тийкарында усы жылдың 30-ноябрь ҳәм 1-декабрь күнлери Нөкис қаласында жайласқан “Аққуў” комплексинде Нөкис қаласы исбилерменлери тәрепинен ислеп шығарылып атырған өнимлердиң көргизбе-ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының ўәкиллери, тийисли министрлик, мәкеме ҳәм шөлкем басшылары, Нөкис қаласы ҳәм районларда жумыс алып барыўшы ҳәким орынбасарлары ҳәм жәрдемшилери, сондай-ақ Нөкис қаласындағы жәми 71 МПЖ дан өндирислик, хызмет көрсетиў, өнерментшилик, усташылық, балықшылық ҳәм басқа да бағдарларда жумыс ислеп турған 120 дан аслам исбилерменлер қатнасты.
Илажды шѳлкемлестириўден тийкарғы мақсет – елимиз исбилерменлерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў, санаат тараўын еле де раўажландырыў, бизнес субъектлери тәрепинен ислеп шығарылған өнимлерди реализация етиўге көмеклесиўден ибарат.
Илаж шеңберинде қатнасыўшы исбилерменлер тәрепинен ислеп шығарылған санаат, мебель, азық-аўқат ҳәм қурылыс өнимлери, сондай-ақ, өнерментлер тәрепинен таярланған қол мийнети, тигиўшилик, зергерлик өнимлери, ағаш усташылығы, темирден исленген үскенелер, үй хожалығы буйымлары ҳәм басқа да 1000 ға шамалас товарлар көргизбеге қойылды.
Көргизбе-ярмарка жуўмағы бойынша белсендилик көрсеткен бир қатар ҳәким жәрдемшилерине ҳәм исбилерменлерге шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги