Оксфорд инглисше сөзлигине бола, «brain rot» («мийдиң шириўи») сөз дизбеги жуўмақланып атырған 2024-жылдың тийкарғы сөзине айланды. Oxford University Press мағлыўматына бола, онлайн даўыс бериўде 37 мыңнан артық адам қатнасты.
«Тил бойынша қәнигелеримиз 2024-жыл даўамында қәлиплескен сезимлер ҳәм сәўбетлерди сәўлелендириўши алты сөзден ибарат дизим дүзди. Еки ҳәптелик ғалаба даўыс бериў ҳәм кең көлемли додалаўдан соң қәнигелеримиз жәмийетшиликтиң пикири, даўыс бериў нәтийжелери ҳәм тил мағлыўматларын көрип шығыў ушын жыйналды ҳәм «мийдиң шириўи»н 2024-жылдың тийкарғы сөзи деп жәриялады»,-делинеди хабарда.
Оксфорд сөзлиги белгилеген атама («brain rot» – сөзбе-сөз «мийдиң шириўи») инсанның ақылый ямаса интеллектуаллық жағдайының, биринши гезекте әҳмийетсиз деп есапланған ямаса ҳеш қандай күш талап етпейтуғын материалларды (ҳәзирги күнде, әсиресе, мәниси жоқ онлайн контент) ҳәдден тыс пайдаланыў ақыбетинде жаманласатуғынын билдиреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги