Франция пайтахты Париж қаласында Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеми (ЭБРШ) ниң бизнесде қалыслық бойынша регионаллық тармағының мәжилисинде қатнасты.

Мәжилисте 400 ден артық ўәкиллери, атап айтқанда, халықаралық шөлкемлер, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, ЭБРШ ҳәм Жәҳән банки, Бизнес-омбудсман институтлары, коррупцияға қарсы гүресиў тармағына ағза мәмлекетлердиң мәмлекетлик мәкемелери, Европа Аўқамы ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринен коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жетекши экспертлер қатнасты.

Халықаралық илажда Бизнес-омбудсман Дилмурод Қосимов Өзбекстанда бизнес жүргизиўдиң қалыс стандартларын енгизиў ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаў тараўында коррупцияға қарсы гүресиў бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша шығып сөйледи.

Гулноза Бобоева, ӨзА