Саўдия Арабстаны мәлимлеме агентлиги SPA хабар бериўинше, Ар-Рияд қаласында Жер жүзилик инвестицияларды алға қойыў агентликлери басқармасы (WAIPA) менен биргеликте Инвест платформасы тәрепинен шөлкемлестирилген Жер жүзилик инвестиция конференциясының 28-мәжилиси болып өтти.
Патшалық инвестициялар министри Халид бин Абдулазиз Ал-Фалиҳ илаждиң ашылыў мәресиминде сөзге шығып, усы абырайлы әнжуман глобал экономиканың ең әҳмийетли қуралларынан бири –қаржы мәселесин додалаў ушын сайланды инвесторлар топарын бирлестиргенине итибар қаратты.
Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов та қатнасқан мәжилисте 100 ден аслам мәмлекеттен 3000 ўәкил жыйналды. Сессия ҳәм пикир-алысыў тысқары бағдарлама шеңберинде 21 мәмлекеттиң инвестиция министрлери қатнасыўында «Пирамида алмасыў- санаат сиясаты ҳәм инвестицияны кеңнен тартыў стратегиясы синергиясы» темасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди. Экспертлер алдағы жылларда халықаралық инвестиция ландшафтына тийкарланып жасыл экономикаға қаржы киргизиўди хошаметлеў, технология, глобал тәмийнат шынжыры ҳәм инфраструктураны раўажландырыў ҳәм демографиялық өсиў тараўдың раўажланыўына тиккелей тәсир көрсетиў бойынша белгили бир жуўмаққа келди.
Л. Қудратов ҳәм Халид Ал-Фалиҳ ушырасыўында Өзбекстан ҳәм Саўдия Арабстаны арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиў күн тәртибиндеги әҳмийетли темалар додаланды. Келисим тийкарында барлық мәселелер бойынша анық илажлар белгилеп алынды. 2025-жылдың биринши шерегинде Самарқанд қаласында Ҳүкиметаралық биргеликтеги комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм бизнес-форум өткериў сәнелери мақулланды.
Саўдия компаниялары басшылары менен өткен сөйлесиўлер даўамында бизнес субъектлериниң жумысы, имканияты, қаржы механизмлери бар екенлиги талланды. Өзбекстан экономикасының тийкарғы тармақларының потенциалы тийкарында мағлыўмат берилип, усы биргеликтеги жойбарларды әмелге асрырыў процесин жеделлестириў, өтимли өнимлер жеткериў көлемин арттырыў ҳәм жаңа қаржылай басламаларды алға қойыў керек екенлиги атап өтилди.
Улыўма, сапар даўамында Саўдия исбилермен топарларының елимизде жаратылған инвестиция шараятына исеними жоқары екенлиги, түрли усыллар, соның ишинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм суверен болмаған қаржыландырыў принципи тийкарында узақ мүддетли инвестиция жойбарларында қатнасыўға таяр екенлиги тастыйықланды.
ӨзА