Усы жылдың 1-август күни Қазақстанның Алматы қаласында «Музлықлардан Арал теңизине шекем» экспедициясы старт алған еди. Экспедиция 21-августқа шекем даўам етеди. Бул ҳаққында Орайлық Азияның Аймақлық экологиялық орайының баспасөз хызмети Daryo.uz сайтына мәлим етти.

Экспедицияда Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Аўғанстан, Германия, Польша ҳәм Япониядан 20 дан аслам қатнасыўшы қатнаспақта. Олар 4 мәмлекет – Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстанда болыўы режелестирилген.

Экспедицияда илимпазлар, инженерлер, ҳуқықтаныўшылар, экономистлер, экологлар ҳәм тарийхшылар қатнасады. 3 ҳәптелик саяхат даўамында жас илимпазлар 4 бағдар бойынша өзлериниң изертлеў жумысларын жүргизиў мүмкиншилигине ийе болады:

 

– Суў ресурслары бойынша халықаралық бирге ислесиў;

– Климат өзгериўи ақыбетлери;

– Суў энергетикасы мәселелери;

– Суў ресурслары менен байланыслы болған социаллық-экономикалық факторлар.

 

Арал бассейни бойынша экспедиция өткериў идеясы дәслеп 2018-жылдың басында алға сүрилген. Февраль айынан баслап таярлық жумыслары басланған. Жөнелистиң узынлығы – 4000 километр. Экспедицияның даўамлылығы – 20 күн.

Экспедиция ЮНЕСКОның Қазақстан-Германия университети жанындағы Орайлық Азияда суў ресурсларын басқарыў кафедрасы, Орайлық Азияның Регионаллық экогологиялық орайының «Суў, билимлендириў ҳәм бирге ислесиў» жойбары, Швейцарияның раўажланыў агентлиги тәрепинен шөлкемлестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги