Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 8-август күни Түркия Республикасының Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиўде мәмлекет басшыларының Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының жоқары пәтлерде раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өткен жылдың октябрь айында  Өзбекстан Республикасы Президентиниң Түркияға ҳәм усы жылы апрель айының ақыры – май айының басында Түркия Республикасы Президентиниң елимизге тарийхый сапарлары еки тәреплеме көп қырлы қатнасықларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтерип, анық әмелий мазмун менен байытқаны айрықша атап өтилди.

Өз-ара сиясий пикирлесиў жедел раўажланып бармақта, еллеримиз халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, соның ишинде, Бирлескен  Миллетлер Шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм басқа да структуралар шеңберинде тығыз бирге ислеспекте, бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңеймекте, өз-ара саўда көлеми артпақта: усы жылдың биринши ярымында өз-ара товар алмасыў дерлик отыз проценттен асты.

Түркияның жетекши санаат компаниялары ҳәм банклери менен биргеликте елимиз аймақларында, бәринен бурын, жоқары технологиялық ислеп шығарыўларды шөлкемлестириў, энергетика, транспорт-коммуникация, логистика ҳәм туризм инфраструктурасын модерниазциялаў, қала қурылысы, банк-қаржы тараўлары ҳәм  басқа да тийкарғы тараўларда ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Исбилермен топарлар арасындағы байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жедел раўажланбақта.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың тәреплерди қызықтырған әҳмийетли мәселелерди додалады, сондай-ақ, болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин көрип шықты.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын, кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге ҳәм беккемлеўге умтылыслары исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА