Раўажланыўдың бүгинги басқышында мәмлекетимиз Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың избе-излигин ҳуқықый жақтан тәмийинлеў, нызам үстинлигине ерисиў халқымыздың арзыў-тилеклери әмелге асыўының әҳмийетли кепили болып есапланады.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының 7-август күни болып өткен мәжилисинде депутатлар елимиз басшысы тәрепинен алға қойылып атырған реформалардың нызамлы тийкарларын жаратыўға қаратылған, пуқаралардың социаллық, экономикалық ҳәм ҳуқықый тараўлардағы мәплерин тәмийинлеўге байланыслы бир қатар нызам жойбарларын көрип шықты.
Депутатлар өз жумысларын «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргиризиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын екинши оқыўда додалаўдан баслады.
Президентимиздиң 2017-жыл 1-декабрьдеги «Майыплығы болған шахсларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2017-жыл 28-декабрьдеги «Мийнет етиўди әмелге асыратуғын айырым айрықша дәрежедеги пенсионерлерге оптимал шараятлар жаратыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманларына муўапық ислеп шығылған нызам жойбары менен киргизилип атырған қосымшаларға бола, айрықша категориядағы I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға жеңиллетилген пенсиялар тайынлаў, сондай-ақ, пенсияларды дурыс тайынлаў ҳәм төлеў бағдарындағы әмелият және де жетилистирилмекте. Соның ишинде, усы жойбарға бола, Министрлер Кабинети тастыйықлайтуғын дизимлерге муўапық айрықша категориядағы I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға – еркеклер-жумыс стажы кеминде 25 жыл болған жағдайда, ҳаяллар-жумыс стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда улыўма белгиленген пенсия жасын 5 жылға қысқартқан ҳалда жеңиллетилген шәртлерде жасқа байланыслы пенсия тайынлаў нәзерде тутылмақта. Буннан тысқары, пенсионер бюджеттен тысқары Пенсия қоры районлық (қалалық) бөлиминиң пенсиядан артықша төленген суммаларды өндириў ҳаққындағы қарарынан наразы болғанда, анықланған қарыздарлықты суд тәртибинде өндириў тәртиби белгиленбекте.
Усы нызам жойбары Нызамшылық палатасында 12-июнь күни биринши оқыўда қабыл етилген болып, сиясий партиялар фракциялары тәрепинен оның нормаларын жетилистириў бойынша бир қатар пикир-усыныслар билдирилген еди. Мийнет ҳәм социаллық мәселелер бойынша комитетиниң жанында дүзилген жумысшы топар тәрепинен жойбарды екинши оқыўға таярлаў процесинде олардың инабатқа алынғаны мәлим етилди.
Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи айрықша категориядағы майыплығы болған шахсларды социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў жумысларын жетилистириўге хызмет етеди.
Буннан соң депутатлар «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана хызметиниң хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.
Атап өтилгениндей, Мәмлекетлик бажыхана хызметиниң хызметкерлери күниниң белгилениўи тараў ўәкиллерин хошаметлеп, жумысында исшеңлик руўхын буннан былай да күшейтиўге, нәтийжелиликти арттырыўға түртки береди.
Кейинги ўақытта суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың барлық тәреплерин, соның ишинде, мәмлекетлик бажы муғдарын оптималластырыў ҳәм суд қәрежетлерин суд процесиниң барлық қатнасыўшылары арасында әдалатлы бөлистириў мәселелерин де қамтып алған. Депутатлар тәрепинен биринши оқыўда көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары бул бағдарда пуқаралық жумыслары бойынша судларға мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажы ставкаларының азыйтылғаны мүнәсибети менен нызам ҳүжжетлерине тийисли өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғыны менен әҳмийетли.
Депутатлардың пикиринше, усы жаңалықлар пуқаралық жумыслары бойынша судларға, экономикалық, админстративлик судларға шағым арзалары киргизилгенде келиспеўшиликлердиң тийислилигинен келип шығып, бажы өндириў объектлерин айрықша етип белгилеўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болады.
Мәжилис күн тәртибине биринши оқыўда киргизилген және бир әҳмийетли нызам жойбары әдиллик уйымлары жумысының системалылығы дәрежесин арттырыў, мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик уйымларының әдиллик уйымлары жумысының үстинен қадағалаў ўәкилликлерин күшейтиў мақсетинде бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди нәзерде тутады.
Усы нызам жойбары елимиз Президентиниң 2018-жыл 13-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик уйымлары ҳәм мәкемелериниң жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы және 2018-жыл 13-апрельдеги «Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы шөлкемлестириўшилик илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында ислеп шығылған.
Депутатлар тәрепинен атап өтилгениндей, усы нызам жойбарының қабыл етилиўи Әдиллик министрлигиниң бирден-бир мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты жүргизиў, ҳуқық дөретиўшилиги жумысын муўапықластырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўдағы ролин күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе болады.
Президентимиздиң 2018-жыл 11-апрельдеги пәрманына муўапық, 2018-жыл 1-июньнен баслап исбилерменлик жумысы тараўындағы лицензияланатуғын жумыс ҳәм рухсат бериў тәртип-қағыйдаларының айырым түрлерин, соның ишинде, устав қорында мәмлекет үлеси болған кәрханалар ушын бажыхана аймағында товарларды қайта ислеў процесиниң техникалық-экономикалық тийкарларын келисиў ҳәм товарларды қайта ислеўдиң елимиздиң экономикалық мәплерине муўапықлығы ҳаққында жуўмақлар бериў бийкар етилди. Сол себепли биринши оқыўда көрип шығылған «Өзбекстан Республикасының Бажыхана кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарына бола, усы кодекстиң товарларды бажыхана аймағында, бажыхана аймағынан тысқарыда қайта ислеў талаплары ҳәм шәртлерине байланыслы рухсат ететуғын нормалары алып тасланбақта.
Депутатлардың пикиринше, бул нызам жойбары исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин тәмийинлейди. Нызам жойбары менен мәмлекетлик уйымлар тәрепинен тийкарсыз ҳәкимшилик қадағалаўды бийкар етиў нәзерде тутылып атырғаны болса, елимизде исбилерменлик тараўының буннан былай да раўажланыўына жәрдем береди.
Пикир-таласлар түринде өткен додалаўлар күн тәртибине киргизилген нызам жойбарларын ҳәр тәреплеме додалаў имканиятын жаратты.
Мәжилисте, сондай-ақ, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер додаланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети