Соңғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың, экономикамызды раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм абаданлығын арттырыў бағдарында қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлардың  нәтийжеси бүгинги күнде айқын көзге тасланбақта.

Беруний районында және бир инвестициялық жойбар иске түсти.

Райондағы «Лидер Гипс» ЖШЖ тәрепинен улыўма майданы 2,5 гектар жерде шөлкемлестирилген гипсокартон ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўшы бул жойбардың баҳасы 25,5 млрд сумды қурайды. Соннан, 1,8 миллион АҚШ доллары сырт ел инвестициясы тийкарында қәлиплестирилген. Жылына 2 миллион квадрат метр гипсокартон ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе жойбардың иске түсирилиўи нәтийжесинде 18 жаңа жумыс орны жаратылды.

Жойбар бойынша кәрхананың иске түсирилиўи менен ҳәр қыйлы түрдеги гипсокартон ислеп шығарылады ҳәм ишки базарды сапалы өнимлер менен тәмийинлейди. Жойбар шеңберинде кәрханадағы монтаж жумысларын Қытай мәмлекетинен келген инженерлер әмелге асырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги