Бизге белгили, 27-октябрь күни елимизде Өзбекстан Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўы болып өтти. Елимизде өткен бул әҳмийетли сиясий процессти жергиликли ғалаба хабар қураллары қатарында сырт еллерден келген көплеген кәсиплеслеримиз де кеңнен сәўлелендирип барды. Ең әҳмийетлиси, олар бул ретки сайлаўлар Жаңа Өзбекстанның жаңа Конституциясына муўапық, сайлаў нызамшылығына алдыңғы халықаралық тәжирийбеден пайдаланған ҳалда киргизилген, демократиялық принциплерге сәйкес түрде қәлиплестирилген система тийкарында өткерилгенин атап өтти.
Интесар Абдулла, Саудия Арабстаны «Neprass» жаңалықлар электрон басылымы бас директоры:
– Өзбекстандағы бир қатар конференцияларда қатнаспақтаман, бирақ сайлаў процесин бақлаўда биринши мәрте қатнастым. Мени ҳайран қалдырған тәреплерден және бири электрон сайлаў системасының жолға қойылғаны болып есапланады. Пуқаралар ушын қолайлы имканият жаратқан бул жаңа система демократиялық мәмлекеттеги ашық-айдынлықтың айқын үлгиси, деп билемен. Сайлаў участкалары көплеген мәмлекетлик мектеплерде шөлкестирилгенин көрдим. Бул оқыў орынлары жаңаша, заманагөй көринисте екени адамды қуўандырады. Сондай-ақ, мен сайлаўға шекемги дебатларда қатнасып, жанлы сөйлесиў ҳәм додалаўларды бақлаў имканиятына ийе болдым.
Еши Сели, «The New Indian Express» газетасының (Ҳиндстан) сиясий шолыўшысы:
– Ҳиндстан ҳәм Өзбекстан беккем прогресслерден өтип даўам етип киятырған тарийхый ҳәм сиясий уқсас байланысларға ийе. Халықларымыз әсирлер даўамында беккемленип киятырған дослықты бәрқулла қәдирлеген. Жақында Қазан қаласында болып өткен БРИКС саммити шеңберинде Бас министр Нарендра Моди ҳәм Президент Шавкат Мирзиёев нәтийжели еки тәреплеме ушырасыў өткерди, Өзбекстан бул ири структурада бирге ислесиўши мәмлекет статусын алды. Соңғы жыллары өз-ара қатнасықларымыз ҳәр қыйлы әҳмийетли тараўларда жедел раўажланып атырғанын атап өтиў керек. Мен гүўасы болған быйылғы сайлаўлар ҳәзирги байланысларды және де беккемлейтуғынына исенемен.
Грегор Шпитцен, «Berliner Telegraph» журналы (Германия) хабаршысы:
– Германия ҳәм Өзбекстан байланыслары кейинги жыллары мисли көрилмеген жоқары басқышқа көтерилди. Бул тығыз, дослық қатнасық ағымдағы сайлаў дәўиринде де анық көзге тасланды.
Бизге белгили, Өзбекстан тарийхында еки мәрте ояныў дәўирин бастан өткерген. Бүгин болса Үшинши Ренессанс босағасында тур. Бул үлкеде тарийхый мәмлекетшилик раўажланған, илим көркем өнер ҳәм мәденият гүллеп жайнаған.
Мәмлекет 2016-жылы өз алдына үлкен стратегиялық мақсет, яғный ҳақыйқый демократия ҳәм раўажланған парламентаризм принципи тийкарында Жаңа Өзбекстан қурыў ўазыйпасын қойған.
Бул процессте Үшинши Ренессанс дәўирине қәдем қойылмақта. Илимди раўажландырыў ҳәм заманагөй технологиялар арқалы күшли экономикалық раўажланыўға, халықтың абаданлығын түп-тийкарынан жақсылаўға ерисиў мақсет етилген. Бул бағдарда пуқаралардың конституциялық ҳуқықын кепиллейтуғын системаның нызамлы тийкары және де беккемленди. Соның ишинде, Сайлаў кодексине халықаралық нормалар ҳәм раўажланған мәмлекетлердиң демократия тараўындағы ең жақсы тәжирийбесине сәйкес принциплер киргизилгени жүз берген унамлы өзгерислерден бири болып есапланады. Қулласы, ҳәзирги парламент сайлаўында киргизилген жаңалықлар экономикалық раўажланған, демократиялық күшли мәмлекет қурыўда үлкен әҳмийетке ийе болады.
Имодуддин Ҳасан Аҳмад Муҳаммед, «Ал-Шуруқ» газетасы (Египет) бас редакторы:
– Өткен жылы апрель айында Өзбекстанда улыўма халықлық референдумы өткерилип, сол тийкарда жаңа редакциядағы Конституция қабыл етилип, күшке киргизилген еди. Буннан соң мәмлекет нызамшылығына да көплеген унамлы өзгерислер киргизилип, Сайлаў кодекси жаратылды.
Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процесин бақлап, Өзбекстанда демократиялық реформалар нәтийже берип атырғаны, сайлаўшылардың белсендилиги жоқары екениниң гүўасы болдым. Мәселен, Ферғана ўәлаятында итибарымды тартқан тәрепи – қала ҳәм районлардағы тазалық, азадалық, көшелердеги тәртип, адамлардың мүнәсибети, аўызбиршилиги ҳәм кишипейиллиги болды. Жаңадан қурылған дәргайлар, әсиресе, «Экоқала» менде жыллы тәсир қалдырды. Египеттиң раўажланыўына теңсиз үлес қосқан уллы илимпаз Аҳмад Ал-Фарғоний елине барғанымнан, усы елдиң адамлары менен сәўбетлескенимнен шексиз қуўанышлыман.
Иброҳим Ал-Ҳодий, Оманның «Ар-Рая» басылымының журналисти:
– Өзбекстан парламенти сайлаўында электрон даўыс бериў арқалы 20 миллионға шамалас адам қатнасты. Улыўма, «Мениң таңлаўым – абат Ўатаным!» сүрени астында өткен сайлаўда «E-saylov» мәлимлеме системасының иске қосылыўы үлкен әҳмийетке ийе. Яғный, бул система арқалы сиясий партиялар талабанлардың нызамшылық талабына сәйкес екенлиги бойынша сайлаў комиссиялары менен оператив ислесиў имканиятына, пуқаралар болса зәрүр информация алыўда көплеген қолайлықларға ийе болған. Бир сөз бенен айтқанда, системаның абзаллығы толық көринген.
Ғ.Хонназаров,
ӨзА