Президент Шавкат Мирзиёев 15-октябрь күни Алмалықтағы «Жаслық-1» кәни ҳәм оның негизинде қурылып атырған 3-мыс байытыў фабрикасын көзден өткерди.
Алмалық кән-металлургия комбинаты реңли, сийрек ушырасатуғын ҳәм баҳалы металлар қазып шығарыўда жетекши. Мәмлекетимиз жалпы санаат өниминиң 5 проценти, санаат өнимлери экспортының 6 проценти оның үлесине туўра келеди. Комбинат системасында 35 мыңға шамалас адам жумыс ислейди.
Өткен жылы 148 мың тонна мыс, 17 тоннадан аслам алтын, 162 тонна гүмис ислеп шығарылған. 1 миллиард 100 миллион доллар инвестиция өзлестирилип, 662 миллион долларлық өним экспорт етилген.
Кейинги жылларда геологиялық излеўлер ҳәм инвестициялар муғдары артқаны нәтийжесинде өндиристиң жаңа имканиятлары табылмақта. Олардан бири –«Жаслық-1» кәни. Усы жерде Өзбекстан Республикасы Президетиниң 2017-жыл 1 – марттағы қарарына муўапық перспективалы инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта.
Кән аймағы 11 мың гектар. Қоймаханасы да салмақлы- жылына 65 миллион тонна қазылма. Бул кәнде алтын, мыс, гүмис, молибден, селен сыяқлы 13 түрдеги баҳалы ҳәм сийрек ушырасатуғын металлар бар.
Мәмлекетимиз басшысы бул кәнде болып, қазыў жумысларын көзден өткерди, қәнигелер менен сөйлести.
«Жаслық-1» кән қазылмаларынан жоқары қунлы өнимлер ислеп шығарыў ушын Алмалық кән-металлургия комбинатының 3-мыс байытыў фабрикасы қурылмақта. Оның қурылысының 2021-жыл 29-июльде тамал тасы қойылған еди.
Бул ири жойбардың баҳасы 4,6 миллиард доллар болып, кәнди қазыў, фабрика ҳәм оның инфраструктурасын қурыўды өз ишине алады. Ҳәзирги күнде 200 миллион куб метр кән бети ашылған, 41 километр темир жол қурылған, 650 мегаваттлы подстанция қойылған. АҚШ, Уллы Британия, Германия, Түркия, Қытай, Россия ҳәм басқа Европа мәмлекетлеринен үскенелер келтирилген. Фабрика ҳәм басқа инфраструктуралардың қурылысы жеделлеспекте.
Президентимиз бул жердеги үлкен қурылыс жумыслары менен ҳәр тәреплеме танысты. Енди қурылатуғын заводтың экономикалық нәтийжелилиги, онда қолланылатуғын алдыңғы технологиялар, жумыс процесиндеги қолайлықлар ҳаққында мәлимлеме берилди.
Бул фабрика биринши басқышта жылына 60 миллион тонна руданы қайта ислеў қуўатлығына ийе болады. Бул арқалы жылына 917 мың тонна мыс ҳәм 2,5 мың тонна молибден концентратлары ислеп шығарылады. 5 мың 600 адамның бәнтлиги тәмийинленеди.
Бул ири жойбар түрли санаат тармақларының раўажланыўына да түртки берди. Мәселен, фабрика қурылысына металл конструкциялар жеткерип бериў ушын 6 завод иске қосылды. Инженерлик, дәстүрий тәмийнат ҳәм кәсип-өнер билимлендириўи жаңа дәрежеге көтерилмекте. Жаңа турақ жайлар ҳәм хызметлерге талап жоқары болмақта.
Фабрикада логистика процеси де қолайластырылады. Фабриканың барлық корпуслары арасында конвейерлер болады. Бул жүк артыў ҳәм тасыўды сапластырып, қәрежетлерди қысқартады.
Екинши басқышта қуўатлылық 160 миллион тоннаға жетеди яки бүгинги көрсеткиштен 3 есеге артады. Усы еки басқыштың әмелге асырылыўы нәтийжесинде кәрхана 2028-жылға барып жылына 400 мың тонна мыс, 50 тонна алтын ҳәм 270 тонна гүмис ислеп шығарыў қуўатлығына ийе болады. Усылайынша Алмалық комбинаты таў-кән металлургиясы тараўында дүньядағы ең ири санаат комплекслеринен бирине айланады.
Халықаралық баҳалаў критерияларына бола, Алмалықта мыстың жалпы қоймаханасы 45 миллион тоннаны, алтын қоймаханасы болса 5 мың тоннадан артығын қурайтуғыны анықланған. Бул дүнья көлеминде де ең ири ҳәм сийрек ушырайтуғын көрсеткишлеринен бири болып есапланады.
Және бир әҳмийетли тәрепи, бүгин дүньяда «жасыл экономика», электр техникасы, электромобильлер санааты жедел раўажланбақта. Буның нәтийжесинде 2030-жылға барып мыс өнимлерине болған талап 40 процентке артатуғыны күтилмекте.
Яғный, Алмалық комбинаты өнимлерине узақ жыллар даўамында халықаралық дәрежеде болады. Келешекте комбинат ислеп шығаратуғын өнимлердиң көлеми 3 мәртеден зыят кобейип, оның баҳасы дерлик 8 миллиард долларға жетеди. 11 мың жаңа, жоқары технологиялық жумыс орынлары жаратылады.
Мәмлекетимиз басшысы “Enter Steel” механикалық оңлаў кәрханасы устаханаларында да болып, жаңа үскенелер ҳәм жумыс процеси менен танысты.
ӨзА