Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев пуқаралардың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелерди анықлаў ҳәм машқалаларға шешим табыў мақсетинде, Шымбай районындағы көше бийлери, нураний-аксақаллар ҳәм белсендилер менен ушырасты.

Ушырасыўда Жоқарғы Кеңес Баслығы А.Орынбаев соңғы жыллары Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң  басшылығында елимизде әмелге асырылып атырған реформалар, кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары ҳаққында кең түрде сөз етип, бул жумыслардың айқын көринисин республикамыз турмысында да көриўге болатуғынлығына айрықша тоқтап өтти.

Ушырасыўда аймақтағы көше бийлери мәмлекетимизде алып барылып атырған ийгиликли ислер ҳаққында өз пикирлерин билдирип, мәҳәллелерди абаданластырыў, инфраструктуралық машқалаларды шешиў ҳәм халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў бағдарында еле де ислениўи тийис бир қатар әҳмийетли мәселелер бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ушырасыўда атап өтилген машқалаларға алдағы ўақытта, әлбетте, шешим табылатуғынлығын ҳәм оны өзи жеке қадағалаўына алатуғынын билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги