Халқымызда бақсышылық өнери жақсы раўажланған болып, әсирлер даўамында бул өнер бақсылар арқалы устаз-шәкирт тымсалында мийрас болып, усы күнимизге шекем жетип келген. «Ең жақсы намаға жаным садаға» дегениндей жақсы сөз бенен қулақтың қурышын қандыратуғын жақсы намаға қызығыўшы халқымыз бул өнерди қәстерлеп, бүгинги күни де жақсы раўажандырып келмекте. «Сөз жетпеген жерге саз жетеди» дегениндей бақсының хош ҳаўазына сай сыңғырлаған ала мойнақ дуўтардың ҳаўазы қосықтың тыңлаўшыға жақсы жетип барыўы ушын жақсы жанапай болары сөзсиз.
Биз сөз етпекши болған Султан Атамуратов балалығынан қосық айтыўға қызығып, устазларынан саз шертип, қосық айтыўды үйренди. Бақсышылық өнерине деген қызығыўшылығы себепли халық қосықлары менен қоса дәстанларды да айтыўды үйрене баслады. Көркем өнердеги өзиниң мийнет жолын 2011-жылы Нөкис қалалық мәденият бөлиминде «Қырық қыз» дуўтаршылар ансамблинен баслайды. Ол жерде ол өзиниң бақсышылық өнерин жетилистириўи менен бирге шәкирт таярлап, көплеген таңлаўларға қатнасып жақсы нәтийжелерге еристи. Атап өтетуғын болсақ 2012-2013-жыллары Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти А.Худайшукуров естелигине арнап ҳәр еки жылдан өткерилетуғын таңлаўда ҳәм «Нафосат бўстоним менинг» сондай-ақ, 2012-жылы Қарақалпақстан телеканалы арқалы өткерилетуғын «Бақсылар дәстан айтқанда» атамасындағы Республикалық таңлаўларға белсене қатнасып, жақсы нәтийжелерге ериседи. Оның өз кәсибине ықлас қойғанлығы көплеген шәкиртлер таярлаўға ийтермелеп, қарақалпақ халқының бақсышылық өнерин раўажландырыўға тийкар болмақта. Сонлықтан ол өзиниң устазлық кәсибин даўам еттириў мақсетинде 2014-жылдан баслап Нөкис қаласыдағы 12-санлы Әмет бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң миллий қосық бөлиминде даўам еттирип, шәкиртлерине сабақ берип келмекте.
-Музыка мектебинде устазлық етип баслаған ўақтымда бес оқыўшы менен баслағанман, бул жердеги шәкиртлерим енди ғана қарақалпақтың ала мойнақ дуўтарын қолына услап бақсышылық өнерине қәдем таслаған жаслар еди. Оларға халқымыздың миллий намаларын дуўтар саз әсбабына салып шертип ҳәм қосық айтыў сырларын үйретип бардым,-дейди ол.
Ол оқыўшыларына тек ғана сабақ өтип қоймастан оларға устаз-шәкирт жолы, сахна мәденияты, жасы үлкенди сыйлап жас кишиге иззет көрсетиў, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған бақсышылық өнерин қәдирлеп-қәстерлеў сыяқлы пазыйлетлерди де үйретип барыўдан жалықпайды. Усы мийнетлердиң нәтийжесинде шәкиртлери мектепте ҳәм республикамызда өткерилген байрамларға, концертлерге, әдебий кешелерге қатнасып, халқымыздың нәзерине түсип баслады.
2017-жылы 1-декабрьде пайтахтымыздағы үлке таныў музейинде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күнине байланыслы өткерилген ҳәм халқымыздың классик шайыры Бердақ Ғарғабай улының 190 жыллығына арнап өткерилген концерт бағдарламасында шәкиртлери бенен белсене қатнасып, Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды. Сондай-ақ, сол жылы Бердақ шайырдың 190 жыллығына арнап Әмет бақсы атындағы 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде өткерилген «Бүлбилзибан» таңлаўында шәкирти Д.Хожаниязов 1-орынды ийеледи. Устаз ушын шәкиртлериң табысларын көриўден артық бахыт болмаса керек. Себеби, мийнетлериниң жемисин көриў устазға үлкен қуўаныш бағышлайды. Оның шәкиртлеринен А. Байниязова, М. Досхожаева, А.Алимбаева мектепти тамамлағаннан соң, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжинде оқып, соң Республикамыздағы ҳәм Ташкент қаласындағы жоқары оқыў орынларында көркем өнер бойынша билимлерин жетилистирди. 2019-жылы, И.Юсупов атындағы мәмлекетлик қәнигелестирилген мектеп интернатында ҳәм де Нөкис қаласы 18-санлы орта мектепте өткерилген «Кеўил кеўилден суў ишер» атамасындағы концерт бағдарламасында оқыўшыларын жақсы таярлағыны ушын «Алғыснама» менен сыйлықланды. 2018-жылдан берли басшылық етип киятырған бөлимде ол 60 қа шамалас талантлы оқыўшыларға бақсышылық өнерин үйретип келмекте.
-2021-жылы Россияда өткерилген «Талант шоу» атамасындағы онлайн таңлаўда 4-класс оқыўшым Улзада Айымбетова 1-орын жеңимпазы болған болса, усы жылы Россияда өткерилген «Вокалная фантазия» атамасындағы онлайн таңлаўда 3-класс шәкиртим Рахат Ниязов гран при сыйлығын алыўға еристи. Ҳәзирги ўақытта шәкиртлерим менен бирге 24-26-октябрь күнлери «Гүз фантазиясы» атамасындағы онлайн таңлаўға ҳәм ноябрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын таңлаўға таярланып атырмыз. Бул таңлаўларда да шәкиртлерим үлкен табысларға ериседи деп үмит етемен,-дейди ол.
Биз әлбетте, шәкирлери устазынан алық болып, халқымыздың көркем өнерин дүньяға танытыўда үлкен табысларға ерисиўин тилеймиз.
Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги