Жол-қуырылыс жумысларының сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы өз сайтын ашты ҳәм мүрәжатларды қабыллаўды баслады. Бул ҳаққында инспекция хабарына тийкарланып, Spot хабар бермекте, деп жазады Daryo.uz.

– Сайтта инспекция жумыслары менен танысыў, жаңалықларды оқыў, жол қурылысы сапасын жақсылаў мәселеси бойынша виртуал қабылларўханаға мүрәжат етиў ҳәм өз усынысларын жибериў мүмкин, – делинген хабарда.

Мүрәжатлар инспекцияның веб-сайты – http://dyi.uz арқалы қабыл етиледи.

Мүрәжатты жибериў ушын электрон санлы имза талап етилмейди.

Инспекция ҳәр бир арзаның көрип шығылатуғынлығын мәлим етти. Сондай-ақ, хызмет тест режиминде ислеп атырғаны ушын үзилислер болыўы мүмкинлиги айтып өтилди.

 

Таярлаған: Мийирбек Ешниязов.