Баҳасы 20 миллион долларлық бриллиант усы жылдың 25-май сәнесинде Дубайдағы компаниялардан бириниң қоймасынан аяқ кийим салынатуғын қутыға салынып алып шығылған. Оны жақында Шри-Ланкадан тапты. Бирақ Шри-Ланка полицияшылары бундай қымбат баҳалы тасты қайсы жол менен тапқаны сыр тутылмақта. Бриллиантты урлады деп гүман етилген адам араб әмирликлери аймағында қолға алынған. Буған дейин полицияшылар 120 адамды сораўға тутып, 8620 саат даўамында видеожазыўларды көзден өткерген. Ҳәрекетлер зая кетпеди. Уры табылып қамаққа алынғанын ҳәм баҳалы тас орнына қайтарылғанын жазбақта mir24.tv.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги