Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги 261-санлы қарарының 1-қосымшасы – Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынларының бакалавриатына оқыўға қабыллаў ушын кириў тест сынақларын өткериў тәртиби ҳаққындағы Режеге муўапық, төмендеги жағдайларда абитуриент тест сынақларынан шетлетиледи ҳәм нәтийжелериниң шығарылмаўына тийкар болады:

 

– тест сынақлары өткерилетуғын аймаққа ямаса имаратқа кириўде микрокалькулятор, сөзлик, китап, уялы телефон, компьютер, телекоммуникациялық үскенелер ҳәм басқа қураллар, шпаргалкалар алып кириўге ҳәрекет етсе, алып кирген болса ямаса олардан тест сынақлары даўамында пайдаланса;

 

– тест материалларын басқа абитуриентке узатса ямаса оларға жәрдем берсе;

 

– тест материалларын имараттан сыртқа алып шықса, тест сораўлары китабының бетин жыртса;

 

– тест сынақлары ушын ажыратылған ўақыт жуўмақланғаннан соң тест материалларын тапсырыўдан бас тартса;

 

– тест сынақлары ўақтында видеобақлаўлар арқалы абитуриенттиң тәртип ҳәм қағыйдаларға әмел етпегенлиги анықланса.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.