18-21-июль күнлери Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети баслығының басшылығындағы делегация тараўдағы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалаў мақсетинде Беларусь Мәмлекетлик мүлк комитетине барды.

photo5388849330208745753.jpg

Сапар етиў даўамында «Давергеодезкадастр» комитетиниң ўәкиллери Миллий кадастр агентлиги, Белгеодезия кәрханасы, Белгипрозем жойбарлаў институты, «БелПАСҲАГИ» аэрофотогеодезия кәрханасы және Минск регионаллық мәмлекетлик агентлиги ҳәм жер кадастры агентлиги мысалында интерактив хызметлер көрсетиў процеси менен танысты.

Буннан тысқары, Беларусь Мәмлекетлик мүлк комитети және Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр мәмлекетлик комитети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнаманың жойбары да додаланды.

Комитетлердиң илимий техникалық, өндирислик технологиялары, нызамшылық, геодезия ҳәм картография тараўларындағы жаңалықлары, көшпес мүлк кадастры, жер дүзиў тараўларында өз-ара мағлыўмат алмасыўды жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Буннан тысқары, шәртнама жойбарынан келип шыққан ҳалда тәреплер бирликтеги бағдарламалар менен жойбарларды ислеп шығыўға ҳәм әмелге асырыўға, биргеликте изертлеўлер өткериўге, өндирис жумысларын алып барыўға ҳәм мәлимлеме системаларын жаратыўға, бирге ислесиўдиң басқа да бағдарларын раўажландырыўға қызығыўшылық билдирди.

«Давергеодезкадастр» комитетиниң баслығы ҳәзирги ўақытта комитет системасы белгили бир өзгерис процесинде екенин, ҳәр қыйлы геоинформациялар ҳәм басқа да жоқары технология системалары жедел раўажланып атырғаны, хызметкерлердиң кәсиплик таярлық дәрежесин арттырыў, өзлериниң ведомстволық оқыў орайларын жаратыў ҳәм басқа да илажларды әмелге асырыў жумыслары ҳаққында айтып өтти.

ӨзА