Қарақалпақстан халқы 1 миллион 847 мың 600 дан асқан болса, соннан 49,6 проценттен асламын ҳаял-қызлар қурайды. Сол ушын да Президентимиздиң «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў менен бирге шаңарақтың беккемлигин тәмийинлеўди ҳаял-қызларға, анығырағы Ҳаял-қызлар комитетине исенип тапсырды.

Бул ҳаққында  Нөкис қаласындағы «Қызкеткен» мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары ҳәм ҳаял-қызлары қатнасыўында өткерилген семинар ушырасыўында толық мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қаласы ҳаял-қызлар комитетлери, бирге ислесетуғын шөлкемлер менен биргеликте өткерилген илажда Президентимиздиң 2018-жыл 2-февральдағы «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысты түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында белгилеп берилген ўазыйпалар ҳәм олардың орынланыўы ҳаққында, сондай-ақ, Ҳаял-қызлардың нызамлы ҳуқықлары менен мәплери бойынша, шаңарақлық қәдриятлар, олардың сақланыўында ата-аналар университетиниң, қәйненелер кеңесиниң орны ҳаққында сөз болды.

Мәкан пуқаралар жыйыны турғынлары өткерилген ушырасыў даўамында ҳуқықый саўатлылығын арттырыў менен бирге өзлерин қыйнап жүрген машқалаларын айтып, олардың шешилиў жоллары бойынша бағдар алды.

 

  М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.