Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң 2018-жыл 14-июньдағы буйрығына тийкарланып, «Пиядалар тәрепинен әмелге асырылған ҳуқықбузарлықлар бойынша электрон формадағы ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестириў ҳәм ҳәкимшилик ис жүргизиў тәртиби ҳаққында»ғы қолланба ислеп шығылды. Бул ҳаққында ИИМ баспасөз хызмети Газета.uz сайтына хабар берди.

Бул қолланба Өзбекстан Республикасының «Жол ҳәрекети қәўипсизлиги ҳаққында»ғы нызамы, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм басқа нызам ҳүжжетлерине муўапық, пиядалар тәрепинен әмелге асырылған ҳуқықбузарлықлар бойынша электрон формадағы ҳәкимшилик протоколлар рәсмийлестириў ҳәм ҳәкимшилик ис жүргизиў тәртибин белгилейди.

Пиядалардың ҳуқықбузарлық ислегени ушын рәсмийлестирилетуғын электрон формадағы протоколлар тәртиби ҳаққында сөз ететуғын болсақ, ЖПХ хызметкери пуқараны арнаўлы үскене жәрдеминде сүўретке түсиреди. Бул сүўретте пияда тәрепинен әмелге асырылған ҳуқықбузарлықтың ўақты, орны сәўлеленген болады, ол усы қағыйда бузыўшылық жағдайына дәлил болады.

Буннан соң хызметкер қағыйданы бузған пуқараға өз лаўазымын, дәрежесин, фамилиясын таныстырады ҳәм оның талабына муўапық хызмет гүўалығын көрсетеди және не себептен пияданы тоқтатқанлығын түсиндирип, жол қойылған қағыйда бузыў жағдайы бойынша айтып өтеди.

Сәўбетлесиў даўамында жол-патруль хызмети ўәкили пиядадан оның шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, яғный пуқаралық паспорты, транспорт басқарыў гүўалығы, әскерий билет ҳәм басқалардың биреўин сорайды. Егер пиядада усылардың ҳеш қайсысы болмаса, хызметкер оны өзи ҳаққында дурыс мағлыўмат бериўин, егер надурыс мағлыўмат берсе, шахсын анықластырыў ушын тийисли аймақлық ишки ислер органына алып барылыўы ҳаққында ескертип, аўызеки формада ол ҳаққындағы мағлыўматларды сорап, арнаўлы үскенеге киргизеди.

Бул система заманагөй талапларға толық сәйкес болып, арнаўлы үскенеге киргизилген пуқара ҳаққындағы мағлыўматлар «онлайн» тәризде Ишки ислер министрлигиниң Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бас басқармасының мағлыўматлар базасы арқалы тексериледи.

Өз гезегинде, электрон протоколды рәсмийлестириўде пуқара ҳаққындағы қандай мағлыўмат киргизилиўи ҳәм қайсы жағдайлар қағыйда бузыўшылыққа киретуғынлығына тоқтап өтсек. Пиядалар жол ҳәрекетин тәртипке салатуғын сигналларға бойсынбаўы, ҳәрекетлениў руқсат етилмеген орынлардан кесип өтиў, пиядалар өтиў орнында телефоннан пайдаланыў, китап ямаса күнделикли басылымларды оқыў, видео материалларды тамашалаў ҳәм аудио файлларды еситиў, сондай-ақ, дыққатты тартатуғын басқа электрон қураллардан пайдаланыў қағыйда бузыўшылық есапланады.

Сондай-ақ, мопед ҳәм велосипед басқарыўшыларының, тиркелмели арбаны басқарыўшы ҳәм жолдан пайдаланыўшы басқа шахслардың жол ҳәрекетин тәртипке салатуғын сигналларға бойсынбаў, үстинлик бериўши, қадаған етиўши ямаса буйрық бериўши жол белгилери талапларына әмел етпеў ҳәм ҳәр қыйлы хызмет көрсетиў мақсетинде жолдың қатнаў бөлиминде пуқаралардың турыўы, жолларға ажыратылған аймақларда шарўа малларын бағыўы ҳуқықбузарлықтың және бир көриниси есапланады.

Егер жоқарыда атап өтилген ҳәрекетлердиң бири жүз берген болса, хызметкер тәрепинен пияданың атына электрон протокол рәсмийлестириледи ҳәм оған пияданың жеке мағлыўматы, ҳуқықбузарлық әмелге асырылған орынның анық түсиндирмеси киргизиледи. Үскенеде болса автоматластырылған тәризде жол қойылған қағыйда бузыў ўақты, протоколды рәсмийлестирген хызметкер ҳаққындағы мағлыўмат ҳәм ҳуқықбузарлық жағдайына белгиленген ҳәкимшилик жаза түрин нәзерде тутыўшы нызам ҳүжжетине силтеме пайда болады.

Рәсмийлестирилген протокол менен пуқара таныстырылғаннан соң, егер онда ҳеш қандай қарсылық болмаса, ол бул ҳаққында арнаўлы үскбуллниң белгиленген орнына бас бармағын басыў арқалы тастыйықлайды. Соң жағдай бойынша қәлиплескен жәрийма қағазы ҳүжжет көринисинде пияданың Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталындағы жеке кабинетине ямаса үш жумыс күнинде почта арқалы турақлы жасаў мәнзилине жибериледи ҳәм тийисли тәртипте жәрийма төлеми әмелге асырылыўы қадағаналады. Өз ўақтында өндирилген жәрийма «биллинг» системасы арқалы автоматластырылған тәризде қадағалаўдан алынады.

Егер пияданың өзи тәрепинен әмелге асырылған ҳуқықбузарлық факти бойынша шағымы болса, онда дүзилген электрон формадағы протокол тийисли тәртипте көрип шығыў ушын ҳәкимшилик судына жибериледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.